421
УДК: 632: 632.9: 632.91
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ЕГИНЛЕРИНДЕ ПАЙДА
БОЛАТУҒЫН ЗЫЯНКЕСЛЕР ТҮРЛЕРИ, ОЛАРҒА ҚАРСЫ
БИОЛОГИЯЛЫҚ ГҮРЕСТИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ТИЙКАРЛАРЫ
Төрениязов Елмурат Шерниязович
а.х.и.д, профессор
Аманиязов Исламбек Полатович
таянч доктарант
Бекбергенов Мейрибек Оразбаевич
жеке излениўши
Қаракалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты
Email: [email p o ec ed]
DOI: h ps://doi.o g/10.5281/zenodo.17537657
Аннотация: Мақалада соңғы жыллары жүз берип атырған экологиялық
факторлар өзгкерисиниң Қарақалпақстан агробиоценозы аўыл хожалығы егинлери
биоценозындағы энтомофаўнаға тәсири, зыянкеслери түрлери раўажланыў
биоэкологиясына унамлы тәсир етиў дәрежесин анықлаў бойынша алып барылып
атырған илимий-изертлеў жумысларының жуўмақлары келтирилген. Алынған
нәтийжелери бойынша аўыл хожалық егинлери түрлериндеги зыянкеслер раўажланыўын
орталықдағы энтомоакарифаглар рөлинен пайдаланып, биологиялық усылды қолланып
туўры басқарыў арқалы гүрес илажларын алып барыўдың пайдалылық тәреплери илимий
жақдан дәлилленген.
Калит сөзлер: Биоценоз, жәнликлер, кенелер, ҳаўа температурасы, ығаллылық,
зыянкеслер түрлери, зыянлылығы, қарсы гүрес.
Anno a ion: The a icle p esen s he conclusions o ongoing esea ch on de e mining he
deg ee o posi i e impac o changes in ecological ac o s occu ing in ecen yea s on he
en omo auna o ag icul u al c op biocenoses o he Ka akalpaks an ag obiocenosis, he
bioecology o pes species de elopmen . Based on he ob ained esul s, he bene i s o
con olling he de elopmen o pes s o ag icul u al c op species using he ole o
en omoaca iphages in he en i onmen and he use o biological me hods ha e been
scien i ically p o en.
Keywo ds: Biocenosis, insec s, mi es, ai empe a u e, humidi y, pes species, damage,
con ol.
Кирисиў: Ийелеген жер майданы бойынша Республикамыздың арқа
бөлегиниң тийкарына жайласған Қарақалпақстан аймағы агробиоценозы
топырақ шараяты, өсимликлер дүньясы бойынша басқа орынлардан белгили
дәрежеде айырмашылыққа ийе болып, усы көрсеткишлери тийкарында аўыл
хожалық егинлери егиледи. Бундай егин түрлери өсип-раўажланыў ҳәм
алынатуғын ҳасылдың сан ҳәм сыпат көрсеткишлери усы микроықлым
шараятына бейимлескен энтомофауна түрлериниң тарқалыў ҳәм раўажланыў
422
шараятларына тиккелей байланыслы екенлиги менен әўмийетли. Себеби
соңғы жыллардағы абиотикалық ҳәм биотикалық факторлар өзгериси
жағдайында бундай энтомофаунаның өсимликлер денесиндеги азықлық
затларды өзлестириўи нәтийжесинде зыян келтиретуғын зыянкеслериниң
түрлери өзгерислери жүз берип, бул жағдайларды толық анықлап барыў
талап етилмекде. Бүгинги күндеги баслы талап, усы зыянкеслерге қарсы
биологиялық усылда гүрес илажларын алып барыў болып, буны
жетилистириў актуал мәселе түринде қалмақда.
Материал ҳәм усыллар: Аймақ шараяты аўыл хожалық егинлери
түрлеринде ушырасатуғын зыянкес ҳәм олардың энтомофаглары түрлерин
анықлаў (Адашкевич, 1983), келтиретуғын зыянлылық дәрежеси (Танский,
1988), түрлерине қарсы гүрес илажлары (Кимсанбаев, 2020; Хўджаев, 2020),
тәжирийбелерди қойыў ҳәм алынған мағлыўматларды статистик анализлер
қылыў (Доспехов, 1986) усыллары жәрдеминде алып барылып, нәтийжелер
исленди.
Нәтийже ҳәм оны талқылаў: Қарақалпақстан шараяты
агробиоценозында егилип атырған аўыл хожалық егинлери түрлеринде
тарқалған энтомофаунаны анықлаў, жыллар даўамындағы түрлердиң
өзгерислери, бүгинги күнге келип тийкарғы ҳәм екинши дәрежелилериниң
егинлерге болған қатнасын анықлаў бойынша алып барылып атырған илимий
жумысларымызда, көплеген зыянкеслер түрлериниң орын алмасыўы жүз
берип атырғанлығы анықланды. Усындай зыянкеслердиң түрлериниң
көплиги ҳәм келтиретуғын зыянлылық дәрежелериниң артып барыўы
сабзавот ҳәм палыз егинлеринде, мийўе бағларында көбирек ушырасыўы
менен әҳмийетке ийе болды.
Агробиоценоздың тийкарғы аўыл хожалық егинлери есапланған
ғаўаша, бийдай, салы, мәкке, тары, жоңышқа, картошка, сабзавотлардан-
помидор, қыяр, бурш, капуста, гешир, пыяз, палыз егинлеринен-қаўын,
ғарбыз, қабақ түрлери, мийўе бағларынан-алма, алмурт, айба, ерик, шабдал,
қәрели, шийе ҳәм тағы басқада киши майданларды ийелейтуғынларының
өзине тән болған биоценоздағы ағзалары пайда болатуғынлығы мәлим
болды. Бундай түрлердиң өсимликлер денесиндеги азықларды сорып алып,
кемирип азықланып зыян келтиретуғынларынан бузаўбас (G yllo alpa
g yllo alpa L.), сым қурты (Ag io es me iculosus Cond.), әпиўайы уховертка
(Fo icula au icula ia.), май қоңызы (Melolon ha hippocos ani F.), атыз суў
өгизи (Ag iolimax ag es is), гүзлик совка (Ag o is sege um Den. e Schi .), үндеў
белгиси бар совка (Ag o is exclma ioni L.), ғаўаша совкасы (Helio his a mige a
423
Hb.), карадрина (Spodop e a exigua Hb.), огород совкасы (Mames a ole acea
L.), гамма совкасы (Phy ome a gamma L.), жабайы совка (Ag o is conspicua
Hb.), кивсяк (Julus sp.), костянка (Li hobius sp.), капуста ақ гүбелеги (Pie is
b assicae L.), шалғам ақ гүбелеги (Pie is apae L.), капуста совкасы (Mames a
b assiiae L.), капуста күйеси (Plu ella maculipennis Cu .), атанақ гүлли блошка
(Phyllo e a.), қаўын шыбыны (Myiopa dalis pa dalina Big.), палыз қоңызы яки
эпиляхна (Epilacha ch ysomelina.), геўик пайда етиўши шыбын (Li iomyza
b yoniae.),пыяз шыбыны (Delia (Hylemyia) an iqua), гешир шыбыны (Psila
osae), бәҳәрги, жазғы капуста шыбыны (Delia lo alis.), темеки трипси (Th ips
abaci Land.), палыз шырынжасы (Aphis gossypii Glo .), ерик-қамыс
шырынжасы (Hyalop e us p uni geo .), ыссыхана аққанаты (T ialeu odes
apo a io um Wes w.), темеки яки ғаўаша аққанаты (Bemisia abaci Genn.),
өрмекши кене (Te anychus u icae Koch.), помидор зәң кенеси (Aculops
licope sici Massee.), атыз кандаласы (Lygus p a ensis L.), жоңышқа кандаласы
(Adelphoco is lineola us Coeze.), атанақ гүлли кандала (Eu ydema ole acea L.,
Eu. en alis kol., Eu.o na a L.), зыянлы хасва (Eu ygas e in eg iceps Pu .) ,
бийдай трипси (Haplo h ips i ici Ku d.), бийдай шырынжасы (Schizaphis
g aminum Rond.) қалқан тәризли шаян (Apus canc i o mis Scha .),
лептестерия шаяны (Lep es he ia danalacensisa) , салы шыбыны (C ico opus
sil es is) , мәкке гүбелеги (Os inia (Pu aus a) , жүўери трипси (Anapho h ips
la icinc us Ka ny), әпиўайы ғәлле шырынжасының (Schi aphis g amina Rond.)
, жоңышқа фитономусы (Phy onomus a iabilis Hbs .), жоңышқа туқымхоры
(B uchophagus oddi Guss.) түрлериниң раўажланыў биоэкологиясы
үйренилип келинбекде. Сондай-ақ егилип атырған мийўе бағлары
түрлериндеги зыянкеслерден май ҳәм июнь қоңызы (Melolon ha hippocos ani
F.), алма қурты (Laspey esia (Ca pocapsa) pomonella L.), алма гүбелеги
(Hyponomeu a malinellus Zell.), бүртик гүбелеги (Tme oce a ocellana F.),
жапырақ гүбелеги (Reca a ia nanella Schi .), гирдек гүбелеги (Cemios oma
sci ella Zell.), шабдал шырынжасы (Myzodes pe sicae Sulz.), үлкен шабдалы
шырынжасы (P e ochlo oides pe sicae Chol.), ерик-қамыс шырынжасы
(Hyalop e us p uni geo .), алма шырынжасы (Aphis pomi De Gee .), алмурт
шырынжасы (Psylla asilie i Su s.), әпиўайы өрмекши кене (Te anychus
u icae Koch.), мийўе өрмекши кенеси (Te anychus iennensis Zache .), мийўе
қоңыр кенеси (B yobia ediko ze i Reck.), алмурт кенеси (E iophyes py i
Pags .), алма үтир сыяқлы қалқанлысы (Lepidosaphes ulmi L.), фиолет реңли
қалқанлы (Pa la o ia oleae Col ee.), колифорния қалқанлысы (Diaspiio us
pe niciosus Coms .), акация жалған қалқанлысы (Pa henolecanium co ni
424
Bche.), комсток қурты (Pseudococcus coms ocki Kuw.), алмурт ақ
қалқанлысы (Su u aspis a changelskayae Lndg .), алма кандаласы (S ephani is
oshanini Vas.) белгили дәрежеде зыян келтиретуғынлығы есапка алынды.
Бундай зыянкеслердиң тарқалған өсимликлер түрлеринде
энтомоакарифагларынан трихограмма-T ichog amma e anescens Wes .,
бракон- B acon hebe o Sayю., алтынкөз-Сh ysopa co nea S eph., энкарзия-
Enca sia Fo mosa Gahan., қан қызы-Coccinella sep empunc a a, стеторус
қоңызы-S e ho us punc illum Ws., атыз секиргиши-Cicindela campes is L.,
стафилинид- S aphylinidae, жыртқыш қоңыз-Calosoma au opunc a um Gebl.,
апантелес- Apan eles u icus Hol., фитосейулюс-Phy oseiulus pe similis A h-
Hen ., сирфид шыбыны яки журчалка-Scae a py as i L., тахина шыбыны-
Cly iomyia helluo F., галлиц афидимиза-Aphidole es aphidimyza Rand.,
ийнеликлер-Les es sponsa, Sympe um la eolum, әпиўайы бесиктербегиш-
Man eis eligiosa L., өрмекшилерди-Pholcus phalangoides, T ochosa e icola
түрлериниң атызда көбейип барыўы, зыянкеслер санын бир қәлипте услап
турыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлиги дәлилленди.
Жуўмақ ҳәм усыныс: Қарақалпақстан шараятында алып барылып
атырған илимий-изертлеўлер жуўмағы егинлер түрлеринде көплеген
зыянкеслер пайда болатуғынлығы, олардың санын туўры басқарыў
мақсетинде биологиялық усылдан нәтийжели пайдаланыў керек екенлиги
мәлим болды. Қойылған талапты туўры орынлаў ушын, биринши нәўбетте,
атызлар түрлери бойынша микроықлым шараятларын толық үйренген ҳалда
энтомоакарифаглар түрлериниң көбейиўине имканият жаратыў керек.
Бүгинги күндеги биолабораторияда көбейтирилип атырған түрлерин ғалаба
өршитип, ерте бәҳәрден баслап атызларға тарқатыў талап етиледи.
Зыянкеслердиң түрлерине байланыслы соңғы жыллары ислеп шығылған
микробиопрепаратлардан (Биотрин, 5% к.э.-0,3 г/га) аймақ шараятында
сынақдан өткенлерин қолланыўды әмелге асырыў усыныс етиледи.
Пайдаланылған методик көрсетпелер:
1. Адашкеевич Б.П. Биологическая защита крестоцветных овощных культур от вредных
насекомых. Ташкент «ФАН»,1983. -188 с.
2. Доспехов Б.Д. Методикa полевого опытa (4-ое изд.). –Москвa: «Колос», 1986. –С. 25-
340.
3. Кимсанбоев Х.Х. Биолабораторияларда энтомофагларни кўпайтириш. –Тошкент:
«Ўқитувчи», 2000. –Б. 3-32.
4. Танский В.И. Биологические основы вредоносноети насекомых-М: «Агропромиздат».
1988-С 89-150
5. Хўжaев Ш.Т. Қишлоқ хўжалигида пестицидларни ишлатиш ҳамда тадқиқот ўтказиш
усул ва шартлари. –Тошкент: «Zilol buloq» , 2020. –152 б.