ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ЕГИНЛЕРИНДЕ ПАЙДА БОЛАТУҒЫН ЗЫЯНКЕСЛЕР ТҮРЛЕРИ, ОЛАРҒА ҚАРСЫ БИОЛОГИЯЛЫҚ ГҮРЕСТИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ТИЙКАРЛАРЫ
Full text
421 УДК: 632: 632.9: 632.91 ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ЕГИНЛЕРИНДЕ ПАЙДА БОЛАТУҒЫН ЗЫЯНКЕСЛЕР ТҮРЛЕРИ, ОЛАРҒА ҚАРСЫ БИОЛОГИЯЛЫҚ ГҮРЕСТИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ТИЙКАРЛАРЫ Төрениязов Елмурат Шерниязович а.х.и.д, профессор Аманиязов Исламбек Полатович таянч доктарант Бекбергенов Мейрибек Оразбаевич жеке излениўши Қаракалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты Email: [email protected] DOI: https://doi.org/10.5281/zenodo.17537657 Аннотация: Мақалада соңғы жыллары жүз берип атырған экологиялық факторлар өзгкерисиниң Қарақалпақстан агробиоценозы аўыл хожалығы егинлери биоценозындағы энтомофаўнаға тәсири, зыянкеслери түрлери раўажланыў биоэкологиясына унамлы тәсир етиў дәрежесин анықлаў бойынша алып барылып атырған илимий-изертлеў жумысларының жуўмақлары келтирилген. Алынған нәтийжелери бойынша аўыл хожалық егинлери түрлериндеги зыянкеслер раўажланыўын орталықдағы энтомоакарифаглар рөлинен пайдаланып, биологиялық усылды қолланып туўры басқарыў арқалы гүрес илажларын алып барыўдың пайдалылық тәреплери илимий жақдан дәлилленген. Калит сөзлер: Биоценоз, жәнликлер, кенелер, ҳаўа температурасы, ығаллылық, зыянкеслер түрлери, зыянлылығы, қарсы гүрес. Annotation: The article presents the conclusions of ongoing research on determining the degree of positive impact of changes in ecological factors occurring in recent years on the entomofauna of agricultural crop biocenoses of the Karakalpakstan agrobiocenosis, the bioecology of pest species development. Based on the obtained results, the benefits of controlling the development of pests of agricultural crop species using the role of entomoacariphages in the environment and the use of biological methods have been scientifically proven. Keywords: Biocenosis, insects, mites, air temperature, humidity, pest species, damage, control. Кирисиў: Ийелеген жер майданы бойынша Республикамыздың арқа бөлегиниң тийкарына жайласған Қарақалпақстан аймағы агробиоценозы топырақ шараяты, өсимликлер дүньясы бойынша басқа орынлардан белгили дәрежеде айырмашылыққа ийе болып, усы көрсеткишлери тийкарында аўыл хожалық егинлери егиледи. Бундай егин түрлери өсип-раўажланыў ҳәм алынатуғын ҳасылдың сан ҳәм сыпат көрсеткишлери усы микроықлым шараятына бейимлескен энтомофауна түрлериниң тарқалыў ҳәм раўажланыў
422 шараятларына тиккелей байланыслы екенлиги менен әўмийетли. Себеби соңғы жыллардағы абиотикалық ҳәм биотикалық факторлар өзгериси жағдайында бундай энтомофаунаның өсимликлер денесиндеги азықлық затларды өзлестириўи нәтийжесинде зыян келтиретуғын зыянкеслериниң түрлери өзгерислери жүз берип, бул жағдайларды толық анықлап барыў талап етилмекде. Бүгинги күндеги баслы талап, усы зыянкеслерге қарсы биологиялық усылда гүрес илажларын алып барыў болып, буны жетилистириў актуал мәселе түринде қалмақда. Материал ҳәм усыллар: Аймақ шараяты аўыл хожалық егинлери түрлеринде ушырасатуғын зыянкес ҳәм олардың энтомофаглары түрлерин анықлаў (Адашкевич, 1983), келтиретуғын зыянлылық дәрежеси (Танский, 1988), түрлерине қарсы гүрес илажлары (Кимсанбаев, 2020; Хўджаев, 2020), тәжирийбелерди қойыў ҳәм алынған мағлыўматларды статистик анализлер қылыў (Доспехов, 1986) усыллары жәрдеминде алып барылып, нәтийжелер исленди. Нәтийже ҳәм оны талқылаў: Қарақалпақстан шараяты агробиоценозында егилип атырған аўыл хожалық егинлери түрлеринде тарқалған энтомофаунаны анықлаў, жыллар даўамындағы түрлердиң өзгерислери, бүгинги күнге келип тийкарғы ҳәм екинши дәрежелилериниң егинлерге болған қатнасын анықлаў бойынша алып барылып атырған илимий жумысларымызда, көплеген зыянкеслер түрлериниң орын алмасыўы жүз берип атырғанлығы анықланды. Усындай зыянкеслердиң түрлериниң көплиги ҳәм келтиретуғын зыянлылық дәрежелериниң артып барыўы сабзавот ҳәм палыз егинлеринде, мийўе бағларында көбирек ушырасыўы менен әҳмийетке ийе болды. Агробиоценоздың тийкарғы аўыл хожалық егинлери есапланған ғаўаша, бийдай, салы, мәкке, тары, жоңышқа, картошка, сабзавотларданпомидор, қыяр, бурш, капуста, гешир, пыяз, палыз егинлеринен-қаўын, ғарбыз, қабақ түрлери, мийўе бағларынан-алма, алмурт, айба, ерик, шабдал, қәрели, шийе ҳәм тағы басқада киши майданларды ийелейтуғынларының өзине тән болған биоценоздағы ағзалары пайда болатуғынлығы мәлим болды. Бундай түрлердиң өсимликлер денесиндеги азықларды сорып алып, кемирип азықланып зыян келтиретуғынларынан бузаўбас (Gryllotalpa gryllotalpa L.), сым қурты (Agriotes meticulosus Cond.), әпиўайы уховертка (Forficula auricularia.), май қоңызы (Melolontha hippocostani F.), атыз суў өгизи (Agriolimax agrestis), гүзлик совка (Agrotis segetum Den. et Schif.), үндеў белгиси бар совка (Agrotis exclmationi L.), ғаўаша совкасы (Heliothis armigera
423 Hb.), карадрина (Spodoptera exigua Hb.), огород совкасы (Mamestra oleracea L.), гамма совкасы (Phytometra gamma L.), жабайы совка (Agrotis conspicua Hb.), кивсяк (Julus sp.), костянка (Lithobius sp.), капуста ақ гүбелеги (Pieris brassicae L.), шалғам ақ гүбелеги (Pieris rapae L.), капуста совкасы (Mamestra brassiiae L.), капуста күйеси (Plutella maculipennis Curt.), атанақ гүлли блошка (Phyllotreta.), қаўын шыбыны (Myiopardalis pardalina Big.), палыз қоңызы яки эпиляхна (Epilacha chrysomelina.), геўик пайда етиўши шыбын (Liriomyza bryoniae.),пыяз шыбыны (Delia (Hylemyia) antiqua), гешир шыбыны (Psila rosae), бәҳәрги, жазғы капуста шыбыны (Delia floralis.), темеки трипси (Thrips tabaci Land.), палыз шырынжасы (Aphis gossypii Glov.), ерик-қамыс шырынжасы (Hyalopterus pruni geoffr.), ыссыхана аққанаты (Trialeurodes vaporariorum Westw.), темеки яки ғаўаша аққанаты (Bemisia tabaci Genn.), өрмекши кене (Tetranychus urticae Koch.), помидор зәң кенеси (Aculops licopersici Massee.), атыз кандаласы (Lygus pratensis L.), жоңышқа кандаласы (Adelphocoris lineolatus Coeze.), атанақ гүлли кандала (Eurydema oleracea L., Eu.venralis kol., Eu.ornata L.), зыянлы хасва (Eurygaster integriceps Put.) , бийдай трипси (Haplothrips tritici Kurd.), бийдай шырынжасы (Schizaphis graminum Rond.) қалқан тәризли шаян (Apus cancriformis Schaff.), лептестерия шаяны (Leptestheria danalacensisa) , салы шыбыны (Cricotopus silvestris) , мәкке гүбелеги (Ostrinia (Purausta) , жүўери трипси (Anaphothrips flavicinctus Karny), әпиўайы ғәлле шырынжасының (Schiraphis gramina Rond.) , жоңышқа фитономусы (Phytonomus variabilis Hbst.), жоңышқа туқымхоры (Bruchophagus roddi Guss.) түрлериниң раўажланыў биоэкологиясы үйренилип келинбекде. Сондай-ақ егилип атырған мийўе бағлары түрлериндеги зыянкеслерден май ҳәм июнь қоңызы (Melolontha hippocostani F.), алма қурты (Laspeyresia (Carpocapsa) pomonella L.), алма гүбелеги (Hyponomeuta malinellus Zell.), бүртик гүбелеги (Tmetocera ocellana F.), жапырақ гүбелеги (Recarvaria nanella Schiff.), гирдек гүбелеги (Cemiostoma scitella Zell.), шабдал шырынжасы (Myzodes persicae Sulz.), үлкен шабдалы шырынжасы (Pterochloroides persicae Chol.), ерик-қамыс шырынжасы (Hyalopterus pruni geoffr.), алма шырынжасы (Aphis pomi De Geer.), алмурт шырынжасы (Psylla vasilievi Suts.), әпиўайы өрмекши кене (Tetranychus urticae Koch.), мийўе өрмекши кенеси (Tetranychus viennensis Zacher.), мийўе қоңыр кенеси (Bryobia redikorzevi Reck.), алмурт кенеси (Eriophyes pyri Pagst.), алма үтир сыяқлы қалқанлысы (Lepidosaphes ulmi L.), фиолет реңли қалқанлы (Parlatoria oleae Colvee.), колифорния қалқанлысы (Diaspiiotus perniciosus Comst.), акация жалған қалқанлысы (Parthenolecanium corni
424 Bche.), комсток қурты (Pseudococcus comsrtocki Kuw.), алмурт ақ қалқанлысы (Suturaspis archangelskayae Lndgr.), алма кандаласы (Stephanitis oshanini Vas.) белгили дәрежеде зыян келтиретуғынлығы есапка алынды. Бундай зыянкеслердиң тарқалған өсимликлер түрлеринде энтомоакарифагларынан трихограмма-Trichogramma evanescens West., браконBracon hebetor Sayю., алтынкөз-Сhrysopa cornea Steph., энкарзияEncarsia Formosa Gahan., қан қызы-Coccinella septempunctata, стеторус қоңызы-Stethorus punctillum Ws., атыз секиргиши-Cicindela campestris L., стафилинидStaphylinidae, жыртқыш қоңыз-Calosoma auropunctatum Gebl., апантелесApanteles ruficus Hol., фитосейулюс-Phytoseiulus persimilis AthHenr., сирфид шыбыны яки журчалка-Scaeva pyrastri L., тахина шыбыныClytiomyia helluo F., галлиц афидимиза-Aphidoletes aphidimyza Rand., ийнеликлер-Lestes sponsa, Sympetrum flaveolum, әпиўайы бесиктербегишManteis religiosa L., өрмекшилерди-Pholcus phalangoides, Trochosa terricola түрлериниң атызда көбейип барыўы, зыянкеслер санын бир қәлипте услап турыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлиги дәлилленди. Жуўмақ ҳәм усыныс: Қарақалпақстан шараятында алып барылып атырған илимий-изертлеўлер жуўмағы егинлер түрлеринде көплеген зыянкеслер пайда болатуғынлығы, олардың санын туўры басқарыў мақсетинде биологиялық усылдан нәтийжели пайдаланыў керек екенлиги мәлим болды. Қойылған талапты туўры орынлаў ушын, биринши нәўбетте, атызлар түрлери бойынша микроықлым шараятларын толық үйренген ҳалда энтомоакарифаглар түрлериниң көбейиўине имканият жаратыў керек. Бүгинги күндеги биолабораторияда көбейтирилип атырған түрлерин ғалаба өршитип, ерте бәҳәрден баслап атызларға тарқатыў талап етиледи. Зыянкеслердиң түрлерине байланыслы соңғы жыллары ислеп шығылған микробиопрепаратлардан (Биотрин, 5% к.э.-0,3 г/га) аймақ шараятында сынақдан өткенлерин қолланыўды әмелге асырыў усыныс етиледи. Пайдаланылған методик көрсетпелер: 1. Адашкеевич Б.П. Биологическая защита крестоцветных овощных культур от вредных насекомых. Ташкент «ФАН»,1983. -188 с. 2. Доспехов Б.Д. Методикa полевого опытa (4-ое изд.). –Москвa: «Колос», 1986. –С. 25340. 3. Кимсанбоев Х.Х. Биолабораторияларда энтомофагларни кўпайтириш. –Тошкент: «Ўқитувчи», 2000. –Б. 3-32. 4. Танский В.И. Биологические основы вредоносноети насекомых-М: «Агропромиздат». 1988-С 89-150 5. Хўжaев Ш.Т. Қишлоқ хўжалигида пестицидларни ишлатиш ҳамда тадқиқот ўтказиш усул ва шартлари. –Тошкент: «Zilol buloq» , 2020. –152 б.