scieee Science in your language
[en] (orig)

ЖЕРГИЛИКЛИ ШАРАЯТТА ЖАС БАҒЛАРДЫ ЖАРАТЫӮ

Author: Серимбетов Т.Е
Publisher: Zenodo
DOI: 10.5281/zenodo.17537851
Source: https://zenodo.org/records/17537851/files/525-527.pdf
525
УДК: 634.634.1.15
ЖЕРГИЛИКЛИ ШАРАЯТТА ЖАС БАҒЛАРДЫ ЖАРАТЫӮ
Серимбетов Т.Е.,
Қарақалпақстан дийқаншылық илим изертлеў институты, лаборатория баслығы.
DOI: h ps://doi.o g/10.5281/zenodo.17537851
Аннотация. Сонғы жыллары Қарақалпақстан Республикасы аймағында
экологиялық тең салмақлылықтың өзгериўин есапқа алып, ресурстежеӯши жас бағларды
жаратыӯ ҳәм оның агротехологиясы нәтийжелилигин асырыӯ арқалы узақ муддет оним
бериӯине шараятлар жаратыӯ.
Гилт сѳзлер: Топырақ структурасы, гумус, ширинди, изей суӯ, саз топырақ,
компост, уя, мийӯе ағаш, суӯ, қаптал шақа, схема, азық элементлер, муддет, топырақ
шорлылығы.
Аннотация. Сунги йилларда Қорақалпоғистон Республикаси регионида экологик
мувозанатнинг узгаришини хисобга олиб, ресурс тежовчи ёш боғларни яратиш ва унинг
агротехнологияси самарадорлигини оширишдан узоқ муддат хосил беришига шароит
яратиш.
Калит сӯзлар: Тупроқ структураси, гумус, ,сизот сув, соз тупроқ, компост, уя,
мева дарахт, сув, ён шохлар, схема, озиқ элементлар, муддат, тупыроқ шӯрлилиги.
Аннотация. Создания ресурсосберегающий технологии молодых садов дающие
эффективности в долгие сроки продукций и их агротехнологии с учетом изменения
экологического равновесия в республике Каракалпакстан.
Ключевые слова: Структура почвы, гумус, грунтовые воды, суглинок, компост,
лунка,фруктовые деревья, вода, боковые ветки, схема, питательные элементы, срок,
засоленность почвы.
Anno a ion. C ea ion o esou ce-sa ing echnologies o young ga dens ha gi e
e iciency in long- e m p oduc s and hei ag o echnology, aking in o accoun changes in he
ecological balance in he Republic o Ka akalpaks an.
Keywo ds: Soil s uc u e, humus, g oundwa e , loam, compos , hole, ui ees, wa e ,
side b anches, scheme, nu ien s, e m, soil salini y.
Арал теңизи суўының кемейип қурып қалыўы ақыбетинде Орта Азия
мәмлекетлериниң климат шараятында унамсыз өзгерислер жузеге келди.
Әсиресе мәмлекетимиздиң ҳаўа климат шараяты кескин климат шараятына
өтти. Дунья жүзинде глобал машқалалар ишинде халықты қаўипсиз азық-
аўқат пенен тамийнлеў- Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм дунья
мәмлекетлериниң бир-бири менен қарым қатнас ҳәм бирге ислесиў
526
мәселелеринде итибар қаратылатуғын актуаль мәселелерден бири болып
есапланады.
Қарақалпақстанның көпшилик районларында топырақ қурамы, ондағы
ширинди (гумус) ҳәмде азық элеменлерге жарлы болып келеди. Қалаберсе
өсимлик соның ишинде мийўе ағашлары жақсы раўажлана алатуғын- саз
аўыр топырақтың қатламы қалыңлығы, айрым аймақларда ғана 0,7-0,8 м, ал
көпшилик жерлерде бул көрсеткиш 0,2-0,5 метрге шекем томенлейди.
Саз топырақлы қатламнан өсимлик тамырының шеге топырақлы
қатламға өтиўи, өсимлик раўажланыўын сезилерли дәрежеде тоқтатады,
себеби оның қурамында азықлық элементлер аз болады. Жер асты изей
суўлары суўғарылып егилетуғын жерлерде жер бетине жақын
жайласқанлығы, жас бағларды жаратыўда қыйыншылықлар туўдырады. Жас
бағларды режелестириўде усыларды итибарға алыў зарүр.
Ерте бәҳәрде мийўе отырғызылатуғын орынлар уя типинде 50 см
тереңликте,50 см кеңликте шириген компост пенен топырағы
араластырылып, суўғарылып қандырылып қойылады. Бул илаж гүзден
баслап ислеп қойылса, жаксы натийже береди. Мийўе нәлин қанша ерте
бәҳарде отырғызылса тутып кетиўи сонша аңсат болады. Бул мүддет
Қарақалпақстан шараятында март айының биринши ҳәм екинши декадасына
туўра келеди. Мийўе нәллерин атызға жайластырыўда мийўе түри, дене
дүзилиси, шақаланыўы, раўажланыў дәрежеси есапқа алынады. Кушли
шақаланатуғын мийўе наллери 6×4, 6×3, 5×3 ал интенсив сортларда 4×2, 3×2,
ҳ.т схемаларда жайластырылады.
Егиў ушын мийўе нәлин таңлап алғанда оның жаңалығына итибар
қаратыў керек. Буның ушын мийўе нәли денесин ҳам тамырын тырнақ пенен
қыршып көргенимизде нәлден тәбийий шире ажыралып шығады. Егер шире
шықпаса нәлдиң питомниктен алынғаннан кейин мәлим мүддет ашық ҳаўада
турып қалғанынан дерек береди [1].
Мийўе нәлин белгиленген орынға отырғызыўда айрықша итибар
қарататугын бир қанша қагыйдалар бар [2]. Көпшилик орынларда мекеме,
кархана, оқыў орынлары ҳатте айрым аўыл хожалығына байланыслы
мекемелер алдында абаданластырыў жумысларында, нәлди суў қуйып
турыўга колайластырып шуқанақ қазылып мийўе нәли ойға егилген
жағдайларынын гуўасы боламыз. Бул надурыс, себеби нәлди егиў
пайытында егиў тереңлигине қатаң итибар берилсе нәл тез тутып раўажлана
баслайды. Ал мийўе ағашының тамыр мойыны жер бетинен төмен егилсе,
нәл тамырының ығаллык жоқары болыўы себебинен раўажлана алмай
527
керисинше тамырда шириў процесси басланады. Мийўе ағашының тамыр
мойыны жер бети топырағынан көринер- көринбес болып налдин сабылган
жери топырақ астында қуяш нурлары туспейтугын ҳалатта қалыўы керек.
Нәллердиң сабылған жери қуяшка, самалға, топырақ шорлылығына
жудә тәсиршең болып ықтиятлылықты талап етеди [3]. Жас нәллер қанық
жерге егилсе, ығаллык жетерли болса белгили муддетке дейин суўгарыўды
талап етпейди. Бизиң халқымызда нәлге тез-тезден суў қуйылып турса тез
тутып кетеди деген қате тусиник бар. Бул надурыс,себеби егилген нәлимиз
қашан жапырақ шығарып раўажланып кетпегенше тамыр әтирапындағы
ығаллықты толық өзлестире алмайды, нәтийжеде майда тамырлардың тез
шириўине ҳәм нәлдиң пүткиллей қуўрап қалыўына алып келеди.
Күнделикли турмысымыздан да белгили жалпыламай суўгарылатуғын
бағлардың өмири қыска болып көпке бармай қуўрап қалып атырғанының
гуўасы болып атырмыз. Сонлықтан фермер хожалықларында жас бағлар
егилсе нәллер қарық арқалы суўғарылыўы ушын қарық тартылып қарық
бойына отырғызылады. Ал уй қапталы тамарқа жерлерде егилген нәллерди
түбине суў қуйып суўғармастан, ал ҳар бир нәлдиң айлана әтирапы шеңбер
сыяқлы 40-50 см диаметр кеңликте қарықша етип суў қуйыўга ықшамланып
ойылады. Суў сол қарықшаға ғана қуйып турылады
Мийўешиликти раўажландырыў ушын Республикамыздың фермер
хожалықларына субсидиялар, жеңиллетилген кредитлер ажыратылып кең
имканиятлар жаратылып берилмекте. Мийўешилик, бағшылық пенен
шуғылланыўшы кластерлер пайда болмақта.
Биз аўыл-хожалығы тараўы хызметкерлери, ҳәр бир азамат, берилип
атырған мумкиншилик ҳәм имканиятлардан нәтийжели пайдаланып,
халқымыздың абадан турмыста жасаўы ушын пайдамызды тийгизиў
туўылған жер ушын перзентлик ўазыйпамыз деп билейик.
Пайдаланылған әдебиятлар:
1. М.Якупов, Х.Бобоева « Интенсив боғларга шакл бериш». «Шарқ», Тошкент 2018 й б
46-48.
2. И.Нормуратов, Д.Жанакова. «Подбор морозкостойких вегетативно размножаемых
подвоев яблони» босмахона «Тараққиёт» 2019 й б 24-32.
3. Ж.Файзиев, Б.Мирзахидов. «Узумнинг янги нав ва истиқболли дурагайлариниг
ҳосилдорлиги ва сифати» Тошкент, «Мега Принт» баспасы 2022 ж. Б 54-66.