99
ҚАРАҚАЛПАҚ ЛИНГВОКУЛЬТУРОЛОГИЯСЫНДА
«ҚУС» ЗООНИМИ
Искендерова Е.К.
Үлкен оқытыўшы, PhD
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты
DOI: h ps://doi.o g/10.5281/zenodo.17703565
Аннотация. Бул мақалада қарақалпақ тилинде қусларға байланыслы қолланылатуғын
сөзлердиң лингвокультурологиялық аспектте анализленген, жергиликли қуслардың атамалары
қатнасқан нақыл-мақаллар ҳәм турақлы сөз дизбеклери мысаллар менен берилген. Қарақалпақ
тилинде қусларға байланыслы қолланылған сөзлердиң халықтың миллий санасы, үрп-әдети, тил
мәденияты менен байланыслылығы илимий дәллийленген.
Таяныш сөзлер: Зооним, лексикалық катлам, код, лингвомәденият, турақлы дизбек.
В статье в лингвистическом аспекте проанализированы слова, употребляемые к птицам в
каракалпакском языке, названия птиц даны с примерами используемых пословиц и
сопутствующих словосочетаний. Научно доказано, что слова, употребляемые в каракалпакском
языке для обозначения птиц, связаны с национальной историей, традициями, языковой
культурой народа.
Ключевые слова: Зооним, лексический слой, код, лингвокультурология, словосочетания.
The a icle analyzes he wo ds used o bi ds in he Ka akalpak language in he linguis ic
aspec .The names o bi ds a e gi en wi h examples o used P o e bs and ela ed ph ases. I is
scien i ically p o en ha he wo ds used in he Ka akalpak language e e ing o bi ds a e ela ed o he
na ional his o y, adi ions , cus oms, and language cul u e o he people.
Keywo ds: Zoonim, he lexical laye , he code, cul u al linguis ics, wo d combina ions.
Улыўма түркий тиллерде «қус» зоониминде кийели, қүдиретли қүшке ийе
деген уғым бар. Қус атамаларының қолланылыўында оларды шәртли түрде 2
топарға бөлип қарастырыў мүмкин. Бириншиден: реаль, ҳақыйкый турмыста
ушырасатуғын, ҳәммеге теңдей таныс, биз көрип, билип, аңлаў арқалы таныйтуғын
қус атамалары,(кептер, шымшық, қумыры ҳәм.т.б). Яғный булар кең танымалыққа
ийе.
Екиншиден: адамлар көрмеген реаль турмыста жоқ, әпсанаўий, қыялындағы,
мифлик уғымдағы қуслар (бахыт кусы, қумай қусы, дәўлет кусы т.б.). Бул
көпшилик аўызеки халық дөретпелеринде, ертеклерде, дәстанларда, мифлерде
ушырасатуғын қус атамалары. Мысалы: қарақалпақ халық дәстаны «Шәрьяр»
дәстанындағы «Бүлбилгөя Малакуш» қус атамасы барлық илим сырларын
билиўши, сыйқыр күшин ашыўшы, нешше тилди, нешше илимди билетуғын, адам
баласы менен адам тилинде сөйлесетуғын қус деп тәрипленип, бул адамлардың
қыйын мүшкиллерин жол таўып шешиўге умтылыўы, еми жоқ кеселликлерди
100
емлеўи, даўасын табыўға шара излеўи, қыйыншылық жағдайлардан қутылыўға
болған умтылысылары нәтийжесинде олардың қыялында пайда болған қус
атамасы, қус келбети. Бул ҳақкында Сейдин Амирлан арнаўлы мақаласында «қус
атамаларының Бухара қарақалпақлар сөйлесимлеринде, қарақалпақ тилинде, қазақ
тилинде, өзбек тилинде, рус ҳәм инглис тиллериндеги вариантлық, уқсаслық ҳәм
өзгешеликлерин салыстырыў менен бирге, жергиликли сөйлесимлерде, аңыз-
әпсаналарда айтылатуғын аң-қус атамалары да есленеди. Бул изертлениўи қызық
мәселелерден бири»[1.82-84] деп көрсетеди.
Абулайсова Насихат Абулайсовнаның изертлеўинде ахвах тилиндеги
шарўашыылық лексикасы ҳаққында сөз етиў менен бирге усы тилдеги
шарўашылық лексикасының слой (тиллик қатламына), оның қайсы тиллерге
байланысына тоқтап өтиў менен бирге, екинши бабын ахвах тилиндеги
шарўашылық лексикасын предметлик (затлық)-генетикалық классификацияға
бөлип қарастырады. Бул бапта үй ҳайўанлары ешки, қой, ири қара мал, жылқы,
өгиз, ийт, пышық, үй қуслары, жабайы қуслардың атамалары, адамлардың турмыс-
тиришилиги, руўхый өмири менен тиккелей байланыслы болған тәреплерине
айрықша кеўил аўдарады.
Ашраф Мохамед Аттия ҳәм Р.С. Ескентаевалардың араб ҳам қазақ тилиндеги
теңеўлик материаллар тийкарындағы илимий мақаласында зоонимлерди тийкарғы
лингвомәдений бирликлер сыпатында баҳалайды ҳәм «зоонимлердиң аўыспалы
мәниси тек экстралингвистикалық бағдардан-мәдений-тарийхый ҳәм социаллық
фактлардан ғана қуралмайды. Олар өзлериниң тәбияты менен дәрежесине сәйкес
лингвистикалық белги болып табылады ҳәм зооним сөзлердиң семантикалық
нусқалары сыяқлы өмир сүреди» деп көрсетеди.[3.44-52] .
Бул мақалада «бүлбил» қус атамасының лингвомәдений өзгешелигине итибар
қаратып қазақ тилинде де, араб тилинде де «бүлбил-бүлбилдиң даўысындай
жағымлы даўысқа ийе адам, жақсы, жаманлық шықпайтуғын, ҳаўазы жақсы
адам» деген мәнилерди аңлатыўын салыстырған.
Рус тил билиминде Костина Наталья Юрьевна рус ҳәм инглиз тилиндеги қус
атамаларын салыстырыў менен бирге, изертлеўлерде қусларды стильлик хызмети,
сөздиң семантикасында омонимлик хызмети, тексти көркем әдебий баянлаўдағы
орны, турақласқан өзгешелиги, эмоцилнальлық-экспрессивлик бояўы сыяқлы
мәселелерге тоқтап өткен.[4].
Стоянова Радостина Стоянова болса зооморфлық изертлеўде код терминин
колланып, рус ҳәм болгар тиллериндеги, усы еки халықтың мәдениятындағы
халықтың ҳайўанат дүньясын салыстырады. Бул мийнетте бир қатар ҳайўанат
101
атамаларында оның қәсийетлери, ҳәрекетлери, минез-қулқындағы адам менен
қатнаслы ҳәм уқсаслық тәреплерин тилдеги эталон(турақласқан уғымлар) менен
байланыстырады.[5].
Онда автор рус халық мәдениятында, күн-көрисинде үйрек, ғаз азықлық өним
ретинде пайдаланыўын, оның ҳәрекетлерин әсиресе, үйректиң патаслықты сүйиўи
«үйректей ойсыз» деп көрсетеди.
Бундай турақласқан дизбеклер қарақалпақ тилинде қус атамаларының
зооморфлық кодларында да ушырасады.
Мысалы: Адамларға онша араласпайтуғын, минези қопал ҳәм бәрҳә қабағын
үйип жүретуғын адамларды аңлатыўда код → байыўлы зооними, тынбай сөйлей
беретуғын, бәрқулла шаўқымлы, ойын-күлки даўыслары еситилип туратуғын, бир-
бири менен кеўилли, әлпи алысатуғын адамларға байланыслы → шымшыктай
жуғырласыў // намазшамның (кешки ўақыт, диний түсиниклерге қатнаслы бес
ўақыт оқылатуғын намаз атамасына байланыслы ўақыттың мәниси)
шымшығындай, билгишсинип сөйлей беретуғын, өзин басқалардан шешен ҳәм көп
билемен деп есаплайтуғын адамларға қарата код→ бүлбилгөясы шығыў //
бүлбилгөя түринде, сырткы көриниси етли, семизликтен келген ҳәм аўдаңлап
жүретуғын, яки төсин керип мәрдийип журетуғын адамға байланыслы-ғаздай
балпаңлап жүриў // ғаз жүрисли, көп күле беретуғын мәниссиз сөзге де тынымсыз
күлип, әтирапындағыларда жағымсыз көзқарасты пайда ететуғын адамға
байланыслы ҳәккедей шықлықлаў // ҳәккедей шыңылдаў дизбеги қолланылады.
Себеби шықылықлаў сөзиниң өзи мәниси бойынша тек күлкиниң сестин сөз арқалы
анлатыўда пайдаланылатуғын сеске еликлеўден пайда болған сөз.
Ана менен перзент арасындағы меҳир-муҳаббат, ана мийримин, балаларына
жан ашытып ҳәрекет етиўин, оларды бәрқулла қорғап, қайғырып жүриўин
қарлығаштай қанатлаў турақлы дизбеги арқалы береди. Себеби, қарлығаш
палапанларына азықты, суўды қашан өзлери еркин ҳәрекет етип, қанат-қуйрығы
жетилисип кетемен дегенше аўзы менен әкелип палапанларының аш болып
ашылған тумсығына салады. Оларды сыртқы тәсирлерден қорғап қанатының
астына алып, баўырлап жатады.
Бир неше адамның қатара дизилип, тәртипли отырыўына байланыслы да,
балалардың жас өзгешелигин, оғада киши жаста екенлигин аңлатыўда ҳәм бир-
бири менен тил табысыўын көрсетиўде → шөжедей шүйкилдесиў // шөжедей
шуғырласыў дизбеги қолланылады.
Үйде бағылатуғын қусларға, олардың ҳәрекет ҳәм минез-қулқына қатнаслы да
бир қатар кодларды айтыў мүмкин. Мысалы: айнаға турақлы түрде қарап, бәрҳә
102
азада, таза жыйнақлы көринисте журетуғын ҳәм көбинесе ҳаял-қызларға
байланыслы қолланылатугын код → таўыстай тараныў // таўыстай салланған.
Ер адамлардың сәтең кийинип, шәртимекленип, төсин керип, гердийген жүрисине
байланыслы қораздай шоштыйыў// қораздай қоқыраңлаў // қораздай гәрдийиў т.б
варинатларда теңеўлер қолланылады. Бул код барқулла ер адамларға қатнаслы
көринсти сүўретлеўде пайдаланылады.
Ал тынымсыз ҳәм мийнеткеш, бәрқулла қыбырлап ҳәрекет етип жумыс ислеп
жүретуғын адамға таўықтай түртиниў // таўықтай шоқыныў // пошалаған
таўықтай яғный пошалаў бул таўықтың мәйекти туўыў ўақтында оны аңсат туўа
алмай, арман-берман гезип, ғоқақлап сес шығарып ҳәм тынышсызланып журиўи.
Жуўмақлап айтқанда, қарақалпақ тилинде қус зооними лингвомәдений
сыпатқа ийе болып, ол әсирлер даўамында халықтың қан-қанына сиңип кеткен
мәдений –руўхый турмыс кешириўлери, өмирлик тәжирийбелери, қуслар
дүньясының сырларынан хабардар болыўын да билдиреди.
Пайдаланылған әдебиятлар:
1. Әмирлан Сейдин Елсүйер улы. Бухара қарақалпақлары тилиндеги аң-қус
атамалары.//Филология фәне: тарихы, хәзергеhе, киләсәге. Конференция материаллары. Өфө
2017. 82-84 бетлер.
2. Н. А. Абулайсова животноводческая лексика ахвахского языка. Автореф. канд.дисс.-
Махачкала, 2011.
3. Ашраф Мохамед Аттия, Р.С.Ескентаева зоонимдер-негiзгi лингвомәдени бiрлiктер // ҚазҮУ
хабаршысы. Шығыстаныу сериясы. №3(64). 2013.
4. Н.Ю.Костина. Название птиц как специфическая группа слов: На материале русского и
английского языка. Автореф. канд.дисс.-Пенза. 2004.
5. Стоянова Радостина. Зооморфный код культур в семантике болгарских в русских образных
сравнений // Ad ances in Social Sciense, Educa ion and Humani ies Resea ch (ASSEHR), Volume
122,45 h In e na ional Philological Con e ence (IPC 2016) 520-525 p.