230
«МУҢЛЫҚ - ЗАРЛЫҚ» ДӘСТАНЫНДА КӨРКЕМ СЮЖЕТЛИК
МОТИВЛЕР ҲӘМ ОБРАЗЛАР ТИПОЛОГИЯСЫ
Калекешова Хурлиман Полат қызы
НМПИ 2-курс магистранты
DOI: h ps://doi.o g/10.5281/zenodo.17704005
Таянч сўзлар: достон, генезис, сюжет, мотив, фольклор, вариант, версия, образ, бақши.
Ключевые слово: эпос, генезис, сюжет, мотив, фольклор, вариант, версия, образ, бақши.
Key wo ds: epic, genesis, plo , mo i , olklo e, a ian , e sion, image, bakshi.
Қарақалпақ халық дәстанлары узақ тарийхый, мәдений экономикалық,
социаллық турмыстың ҳәр түрли басқышларын узақ жыллар даўамында басып
ѳтти. Усы дәўирде халық ѳзиниң аўызеки әдебиятын, ата-бабаларынан мийрас
болып қалған эпослық шығармаларын ѳзлери жасап турған дәўири менен
байланыстырып, мазмунын, идеясын, кѳркемлик жақтан қунлылығын дәўир заман
руўхына сай ҳәр тәреплеме раўажландырып барды.
Бул эпослардың негизи ерте заманлардан қәлиплескен болып, халық
батырлары ѳзлериниң макан еткен ҳәм туўылып ѳскен жерлерин сыртқы
душпанлардан қорғаў ушын алып барған гүреслери тийкар болды. Усындай
эпослардың қәлиплесиўи, басқа да дүнья халықлары эпосларының қәлиплесиў
дереклерине нәзер салсақ, рус халық қаҳарманлық эпосларының пайда болыў
дереклерин, тарийхый былиндалары тийкар болғанлығын айтады. Мәселен, «Илья
Муромец, Добрынин Ниикитич, Алеша Попович сыяқлы былиндасы қаҳарманлық
былинда болып, олар Рус жерлерин сыртқы ҳәм ишки душпанлардан қорғағанлығы
ҳаққында айтылады». [1.302] Сонлықтан, қаҳарманлық эпослардың мазмуны
халықтың қыялы, потриотлық идеялар менен терең суўғарылған. Соның ушын да,
эпослық шығармалардағы батырлар қандай қыйыншылық болса да душпанын
жеңип мақсет-муратына жетеди.
«Фольклорлық шығармалар ѳмирде болған белгили бир ўақыялардан ямаса
ойдан шағарылған әңгемелерден басланады. Әўели баста ҳәр бир аўызеки
шығарманы, гейде жеке бир адам шығарады, бирақ оннан ол фольклорлық
шығарма бола алмайды… Тек ол аўыздан-аўызға тараў арқалы ғана фольклорлық
шығармаға айланады. Екинши, бир сѳз бенен айтқанда, фольклорлық шығармаға
айланыў ушын әңгиме болған ўақыяға ямаса ағдайы турақлы сюжетке айланыўы
тийис. Ал, турақлы сюжет болыў ушын ол айтылған ўақыя ел арасына тарап,
фольклорлық циклден ѳтиўи керек.
231
Алымлардың дурыс кѳрсеткениндей: Барлық ертеклер, аңызлар, әңгимелер,
анекдотлар, қосықлар, мақаллар, жумбақлар бәри фольклорласыў процесинен
ѳткен. Ал, ендиги негизги ўақыяның турақлы сюжетке айланыў процесси қалай
болады, мине, сюжетлердиң байланысыўы ушын бул әҳмийетли мәселе. Бул ѳзи,
бир жағынан, сюжеттиң фольклорлық циклге түсиўи болса, екинши жағынан, оның
басқа сюжетлер менен контиминацияға енип, кѳлемли шығармаға айланыўы.
Сонда сюжеттиң байланысыўынан еки процестиң қатар жүриў нызамлылығын да
байқаўға болады. Бириншиси – бир ўақыяның турақлы сюжетке айланыўында,
екиншиси – усы сюжеттиң кеңейе келе, бир неше сюжетти қамтыған шығарма,
тийкарында эпикалық шығармаға айланыўына алып келеди». [2. 245.]
Деген менен, халық дәстанлары тарийхый дереклерге қарағанда ѳзбек, қазақ,
татар, башқурт, алтай, қырғыз, қарақалпақ ҳәм басқа да халықлардың этногенез
дүзген қәўимлер (племия) ноғайлылар аўқамының дәўиринде ѳзлериниң тарийхый
турмысының, үрп-әдет дәстүрлериниң бир бирине жақынлығы ҳәммесине ортақ
фольклорлық шығармалары дѳрелген. Усындай жақын қатнасықлардың
тийкарында ѳзбек, қазақ, қырғыз, қарақалпақ татар, башқурт, алтай, халықлары
аўызеки әдебиятында дәстанлардың версияларының бар екенлиги ҳәммемизге
мәлим. Халық дәстанлары болған «Алпамыс», «Едиге», «Қоблан», «Қырық қыз»,
«Ер Шора», «Муңлық-Зарлық», сыяқлы дәстанлардың миллий версияларының
көпшилик түркий халықларда ушырысып келип отырыўы бул пикиримиздиң
айқын дәлйлли.
Усындай уқсаслық «Мәспатша» дәстанын да да келтириледи. Мысалы;
«Шәрьяр» дәстанында, «Басында ғула, ийнинде жәнде, қолында сырлы ҳасса, бир
қәлендер шейдулла тартып ғайыптан ҳәзир болды. Енди адамларға қарап, сазы
болмаса ҳәмдиминде сөзи, неше шерлерден тымсал келтирип, бир-еки аўыз гәплей
береди: Мысалы;
Атасының атлары, Енесиниң аты Ақдаўлет,
Сасуўар адам, Қызының аты Әнжиман,
Баласының атлары, Болсын дейип сол жерде,
Болсын Шәрьяры алам, Көзден ғайып болады. [3. 54-55.]
Усы мотив «Ер Шора» дәстанында да келтириледи, мысалы: «Әйне, той
тарқалғаннан соң Нәрик бай-Баламның атын қойың-деди. Сол ўақытта ғайыптан
бир қәлендер келип: Улдың аты «Шора» қыздың аты «Гумисай» болсын-деп атын
қояды… [4. 119.] Бул дәстанлардағы бас қаҳарманның ат қойыў мотиви бирдей
болып олардың арасында типологиялық жақынлықтың бар екенлигин көремиз.
232
Сондай ақ «Муңлық-Зарлық» дәстанында болса «Қырық шилтен ғайып еренлер»
келип атын қояды. Мысалы;
Қырық шилтен ғайып еренлер,
Қойып кеткен түн еди,
Қаншайым есине келген соң,
Түсинде аян болады,
Туўылған еки балаға,
Улының атын «Зарлық» деп,
Оңымдамекен деп еди,
Оңы емес түси екен» [5. 451.] -деп бериледи.
Қарақалпақ халық дәстанлары өзиниң оргиналлығы менен терең идеялығы,
көркемлик дәрежеси менен характерленеди. Халық дәстанларының сюжетинде
дәстан қаҳарманларының ғайры тәбийий ямаса мифлик туўылыў мотивлериниң кең
орын алғанлығын көриўимизге болады.
«Муңлық-Зарлық» дәстанын алып қарайық. Мысалы, «Қодаркүл
Санжарқанның кейинги 40 қатынның ийеси мәстан кемпирдиң 40 қатынның
тапсырмасы менен Қаншайымның еки баласын жоқ кылыў ушын кетип баратыр…
«Еки бирдей баланы, Қундақта еки баланы,
Қолтықлап кетип барады, Сәрҳәўизге урады,
Сейил етер сәрҳәўиз, Таслап еки баланы,
Сәрҳәўизге барады, Қадар қулдай бийнамит,
Өлтирдим деп барады…[6. 447.]
Усы мотив «Шәрьяр» дәстанында да ушырасады мысалы;
«Кемпир демди салады, Ақ кесеге бир салып,
Жүўен кетип қолынан, Орап қара пиллаға,
Еки бирдей раўшанды, Қанлар салған сәрҳәўыз,
Қолынан тартып алады, Суўға таслап урады…[7. 94.]
Дәстан сюжетинде көрсеткениндей балларды суўға апарып таслайды бирақ
баллар суў астында жасай береди. Мысалы, «Муңлық-Зарлық» дәстанында былай
келтириледи.
«Қаншайымның гүнасы, Ултанында ҳәўиздиң,
Мойныма мениң қалмағай, Асық ойнап отырған,
Ийманым болғай қудайым, Еки баланы көреди,
Хан ҳәўири Сәрҳаўиз, Қаншайымның баллары,
Сәрҳаўизге келеди, Тири екенин Қулмама
Сығалай қарай береди, Сол ўақлары биледи…»[8.450-451.]
233
Шәрьяр дәстанында усы мотив мынандай етип бериледи мысалы; «Ҳаў менғо
суўға қарап едим, суўда хоширей көринип, мен бир сулыў пәкизе болдым ғо. Енди
дүңгидеги суўды көрейин» деп қыял етти. Әне келип дүңге қарады. Дүңге қараса
көзи дуздай, мурны биздей қабатурқы персиян шоры қәддине келди.
-Ҳаў, буне суўда мени әжийне айландырып турма, зыяным қыстап
турма мени, ҳаўыздағы суўда көрейин-деп қыял өтти. Ҳаўиздиң бойына
келеди. Жүзин ҳәўизге тутты. Әне тийине қараса, бир кекили алтыннан, бир
кекеили гүмистен, түклери зербарақтан болып, суў тийинде балық киби ойнап
жүрген еки бирдей нәресте балларды көрди». [9. 451.]
Мине бундай мифлик мотив «Муңлық-Зарлық» дәстаны сюжетинде
көриўимизге болады. Мысалы;
«Зарлық жатқан жерлери, Саўсады ханның сүйеги,
Кем-кем жақын келеди, Ылжырады жүреги,
Жети қат аспан пәлекке, Табылады шөлден кереги,
Сағымы түсип жатырған, Бир кекили алтыннан,
Бир баланы көреди, Бир кекили гүмистен,
Бала екенин биледи, Күн менен шағылысып жатқан,
Санжархан жақын келеди, Баланы анық көреди…» [10. 451] деп
келтиреди. Мине жоқарыда көрген еки дәстанда да дәстан мотивлериниң
қолланылыўы басқаша, биреўи суўда, биреўи, қырда, тийкарғы сүўретлениўи
жағынан бир-бири менен жүдә жақын екенлигин көремиз. Бундай ғайры тәбийи
мифлик туўылыў, суў астында емин еркин жасай бериўи, басқа қарақалпақ
дәстанларында айтарлықтай ушыраспайды. Бул еки дәстанда да типологиялық
мифлик сүўретлеў бирдей болып келеди. Бул еки дәстанда да ертеклик қублыс
мотиви көзге тасланады.
Балалардың суў астында өлмей еркин жасаўын Сулайман пайғамбардың аты
менен байланыстыралады. Сулайман патша диний инанымлар бойынша дүньяның
астын үстин сораған. Ҳайўанларға да, жин-жыпырларға да, шайтанға да, пирлерге
де қулласы жанлы мақлуқлардың барлығына ҳүкимдарлық еткен. Дәстанда
исенимлердиң көриниси болып табылады. «Сулайман ҳаққында Библияда,
Қуранда, «Қыссасул-анбия» ҳәм тағы басқа дереклерде де мағлыўматлар
келтириледи. Библияда сулайман «Саламан» деп жүритиледи ҳәм Даўыттың
баласы деп түсиндириледи. Диний мифологиялық аңызларға қарағанда сулайман
Даўыттың баласы, яхудий пайғамбарларынан, кушли патшалардан болған деп
келтириледи.
234
«Шәрьяр» дәстаны менен «Муңлық-Зарлық» дәстанларында таўдың, тастың,
шөлдиң сөйлеў мотивлери еки дәстан сюжетлеринен көриўимизге болады. Биз бул
мотвилерге ананизм қалдықлары деп баҳа бериўимиз керек. Мысалы, «Шәрьяр»
дәстанының мазмунына сер салсақ.
Енди шалдым дегенде, Арқалай жөней береди,
Шалар жерге келгенде, Әйне үш күн жол жүреди,
Шөлде сөйлей береди, Ол алдына қарады,
Шалма ханның баласын, Аспан менен бара бар,
Бузба ханның қаласын, Булт пенен зерме-зер,
Қан жылатпа кейинде, Бир бәлент таўды көреди…[11. 94.]
Әне балларды арқалап, сол таўдың үстине шығып, өлтирейин деп қыял
қылады. Балаларды арқалап таўға жөней береди. «Өлдим-талдым» дегенде таўдың
басына шықты, сөйтип демин алды. Демин алып болып, балаларды өлтирейин,-деп
кыял кылды. Бул мотив ҳәмме дәстанларда да қолланыла бермейди. «Шәрьяр»,
«Муңлық-Зарлық» дәстанларының сюжетиниң кең орын алганын көремиз.
Дәстанлардын усындай бир-бирине усаўы мифлик мотивлер типологиясы дәстан
сюжетинде анық көринеди.
«Муңлық-Зарлық» дәстанында мына мазмунда бериледи, Мысалы;
Енди шалдым дегенде, Турған жерден тартпасам,
Шалар жерге келгенде, Жерлер атыр қурысын,
Жерден саза болады, Ҳаўлығып турган Қадар қул, -
Шалма ханның баласын, Зарлық пенен Муңлыққа,
Өлтирме ханның баласын, Қолтығына басады..,
Өлтирсең ханның баласын, Таслап қашып жөнеди... [12. 452-453]
Биз жоқарыда дәстанлардың мазмунында көрип өткенимиздей мифлик
мотивлердиң ҳәм сюжетлердиң еки бирдей дәстанда да қолланылыўы бирдей
болып келеди. Мифлик мотивлердиң келтириўиниң тийкарғы себеплери,
бириншиден сол дәстанды дөреткен халықтың атқарыўшылардың санасындағы
ески мифлик сана қалдықларына байланыслы келип шыққан болса, екиншиден
дәстанларға тән поэтикалық дәстүрлердиң нызамлы жалғасы сыпатында келип
шыққанлығын көремиз. Усындай типологиялық мазмуны бирдей мифлик
мотивлердиң типологиялық сәйкес келетуғынлығын көремиз.
Жуўмақлап айтқанда, халық дәстанлардың поэтикалық образларда
шығарманың идеялық мазмуны да, оның көркемлик формасын да тығыз ҳәм
ажыралмас түрде бириккен болып. Бул бирлик, биринши нәўбетте, образлардың
шебер сүўретлениўинен, эпостың қаҳарманларын терең психологиялық жақтан
235
көрсетилиўинен, конфликтлердиң көркем ашылыўынан, дәстанлардың тил
байлығынан ҳәм поэтикалық сүўретлеў қуралларының және усылларының көп
түрли болып келиўинен айқын көринеди.
Эпосларда аўызеки халық поэзиясының нешше әлўан түрлериниң табылыўы.
Онда биз эпикалық баянлаў, лирикалық ҳәм салт қосықлары, ҳәр қыйлы диалоглар
менен монологлар түриндеги халық драмасының элементлери, халық
ертеклериниң элементлери, нақыл-мақаллар, халық юморы ҳәм сатира сыяқлы
жанрлардың элементлерин көремиз. Эпослардың совтавындағы усындай
элементлердиң ҳәммеси ажыралмас түрде бириккен ҳәм бул жағдай эпосларға
халық жыраўлары, шайырлары тәрепинен узақ ўақытлар даўамында дөретилип ҳәм
жетилистирилип келгенлигин дәлиллейди. Халық дәстанларында қарақалпақ
халқының миллий өзгешеликлери яғный ҳәр қыйлы үрп-әдетлер халықтың ҳәмме
турмыс тиришиликлерин өз ишине қамтыған. Дәстанларда халық тилиниң пүткил
байлығы барлық гөззаллығы поэтикалық шеберлик пенен атқарылып, халықтың
көркем эстетикалық талапларын қандырып, халыққа хызмет еткен деп есаплаймыз.
Пайдалынылғын әдебиятлар
1. Кравцов Н. И, Лазутин С. Г. Русское устное творчество. – Москва: Высшая школа, 1983. – С.
302.
2. Қасқабасов С. Таңдамалы шығармалары. – Астана: Фолиант, 2014. – Т. II. – Б. 145.
3. Қарақалпақстан фольклоры 13-том «Шәрьяр» дәстаны ҚҚ-н, Нөкис 1984.54-55 б
4. Қарақалпақстан фольклоры 15-том «ЕрШора» дәстаны ҚҚ-н, Нөкис «Илим» 2010. 119-б
5. Қарақалпақстан фольклоры көп томлық 24-том ҚҚ-н, Нөкис «Илим» 2010. 451-б
6. Қарақалпақстан фольклоры көп томлық 24-том Нөкис «Илим» 2010. 447. б.
7. Қарақалпақстан фольклоры 13-том «Шәрьяр» дәстаны ҚҚ-н, Нөкис 1984. 94. б.
8. Қарақалпақстан фольклоры көп томлық 24-том Нөкис «Илим» 2010. 450-451-б.
9. Қарақалпақстан фольклоры көп томлық 24-том Нөкис «Илим» 2010. 451. Б
10. Қарақалпақстан фольклоры көп томлық 24-том Нөкис «Илим» 2010-ж 451-б.
11. Карақалпақ фольклоры, 24-том көп томлық Нөкис «Илим» 2010. 452-453. б.