scieee AI-readable full text Open interactive document viewer

ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛЫҚ АЎЫЗЕКИ ДӨРЕТПЕЛЕРИНДЕ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕР (Ертеклер мысалында)

Өтениязов Полат Жуманиязович

Full text

51 ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛЫҚ АЎЫЗЕКИ ДӨРЕТПЕЛЕРИНДЕ САЛТДӘСТҮРЛЕР (Ертеклер мысалында) Өтениязов Полат Жуманиязович Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақ гуманитар илимлер илим изертлеў институтының үлкен илимий хызметкери, «Қарақалпақ фольклоры» бөлиминиң баслығы, филология илимлери бойынша (PhD) философия докторы, Нөкис қаласы DOI: https://doi.org/10.5281/zenodo.17268151 Аннотация: Образцы фольклора каракалпаков, в том числе сказки воспроизводят язык, литературу, культуру, традиции и обряды народа. Например, в каракалпакских народных сказках отражены такие традиции и обряды, как приветствия, свадьбы, брачные обряды, свадьбы сыновей и дочерей, выдача дочери замуж, уважение к старшим, родителям и гостям, забота о сиротах, соблюдение табу и т.д. В данной статье предметно рассматриваются традиции, обряды и запретные слова (табу) в каракалпакских народных сказках. Ключевые слова: культура, народ, фольклор, обряд, табу, уважение, свадьба, сказка. Abstract: Examples of Karakalpak folklore, including fairy tales, reproduce the language, literature, culture, traditions, and customs of the people. For example, in Karakalpak folk tales, traditions and rituals such as greetings, weddings, marriage ceremonies, sons and daughters' weddings, giving their daughters in marriage, respecting elders, parents, and guests, caring for orphans, observing taboos, etc., are reflected. This article objectively examines the traditions, rituals, and taboos in Karakalpak folk tales. Keywords: culture, people, folklore, ritual, taboo, respect, wedding, fairy tale. Фольклортаныўшылар А.Е.Наговицын ҳәм В.И.Пономарева ертеклердиң пайда болыўына төмендеги факторлар, соның ишинде халықлардың салтдәстүрлери, үрп-әдетлери, ритуаллар, мифлер, әпсаналар ҳәм басқа да эпикалық жанрлар күшли тәсир еткенлигин атап өтти: «Қәўимлик жәмәәт:қәўимлик дүзим – салт-дәстүр – табу, магия) – шаманлық дәстүр (традиция) – бирлемши миф – бирлемши ертеклер – ритуаллық көркем өнер – театрлық (сахналық) – ритм-музыкалық – қосық-аяқ ойынлы – жумбақ – ойын – инициациялық – дидактикалық – авантюралық бирлемши ертеклер – псевдо-ертеклер (псевдосказки) – зеригерли ертеклер – өтирик ертеклер (небылицы) – балалар қорқытпашлары (детские страшилки) – тымсаллар (басни и притчи) – ертекэтюдлер – басқарыўшы катлам – жәмийеттиң классқа бөлиниўи – бағыныўшы қатлам – руўханый қатлам – дин – екилемши миф – батырлық дәстанлар, батырлық жырлар (былины) – әпсаналар (легенды) – сагалар – балладалар – екилемши ертеклер – шаманлық ертеклер – легендалық-эпикалық ертеклер – 52 мифлик-ритуаллық ертеклер – социаллық-мифологиялық ертеклер – новеллистикалық ертеклер ҳәм т.б» [1: 32]. Мағлыўматларға қарағанда, «соңғы неолит дәўиринде үлкен үңгир яки үйлерде жасаған үлкен жастағы адамлар балаларының көз алдында салтдәстүрлерди, үрп-әдетлерди өткерген... Ертек аллегориясы тәлим-тәрбия, шаңарақ тарийхын үйретиў, әўладларды байланыстырыўға қаратылған» [1:1416]. Белгили илимпаз Н.Дәўқараевтиң тәрийп бергениндей, «Ертек, ертеде болған деген түсиниктен шыққан. Ертек барлық халықларда да бар. Қарақалпақ ертеклериниң тематикасы оғада кең: тарийхый ҳәдийселер, хожалық, турмыстың түрлери, әдетүрпи, дәстүр менен, дин менен байланыслы шыққан ертеклер көп...Ертеклердиң барлығы да халықтың тиришилик турмыс ушын гүресинен, усы гүрестен шыққан ойынан, пикиринен туўған. Сонлықтан, ертеклерде айтылатуғын ой-пикирлер халықтың күн көриў тиришилик турмыс жөниндеги ойын билдиреди» [2: 173]. Қарақалпақ халық прозасын изертлеген алым Қ.Мәмбетназаров қарақалпақ халық ертеклеринде салт-дәстүрлер, үрп-әдетлер, көркем сүўретлеў формалары беккем орын алғанлығын атап өтти [3: 5]. Оның атап өткениндей, «Ертеклер қарақалпақ халқының аўызеки поэтикалық мийрасларының ең белгили бөлеги болып табылады. Оларда қарақалпақ халқының дүнья танымы, психологиясы, турмыс-тиришилиги, үрп-әдет, салт-дәстүрлериниң ең мазмунлы тәреплери халық дөретпелериндеги (қосықлар яки жырлар, жумбақлар, нақылмақаллар) басқа жанрларға қарағанда толық және тереңирек» [4: 3]. Ҳақыйқатында да, фольклорлық шығармаларда, соның ишинде ертеклерде ҳәр бир халықтың салт-дәстүрлери, үрп-әдетлери беккем орын алған. Әсиресе, халық ертеклериниң мазмунында бул айқын көзге тасланады. Мысалы, «Абат батыр» атлы қарақалпақ халық ертегинде Абат батырдың Қысыраў патшаның үш қызын үш достына некелеп бериў ўақыясы сөз етилген [5: 11-18]. «Машақатлы турмыс кеширген жигит» атлы ертекте де некелеп үйлениў дәстүри сәўлеленген: «Жигит бир дизесин мүпти қылды, бир дизесин қазы қылып, некесин қыйып, ҳаял етип алды» [5: 32-38). Қарақалпақ халық дөретпелериниң мазмунында салт-дәстүрлер беккем орын алған. «Қыран» атлы ертекте болса, Қыран деген батырды шаҳзаданың ҳаялы «қайнаға» деп атайды [5: 19-26). Бундай ҳүрмет-иззет көплеген түркий халықлардың, соның ишинде қарақалпақ халқының салт-дәстүрлеринде, үрпәдетлеринде жийи ушырасады. Яғный, қарақалпақ халқында ерли-зайыплылар 53 өмирлик жолдасының, ата-анасының, аға-инилериниң, әжапақарындасларының, улыўма жақын туўысқанларының атын айтпай, табу сөзлерден пайдаланады. «Аққуўбай патша» атлы ертекте ғарры менен кемпирдиң баласы жолда бир ғаррыға тәңир сәлемин береди [5: 27-31). Бунда әдеп-икрамлылық, этикет, сәлем бериў дәстүри орын алған. «Шарқыпәлекли бала» атлы ертекте бир патша, баласының үйленгенине, ақлықлы болғанына алтын қабақ аттырып, той береди [5: 39-41). Той бериў дәстүри әдетте халық ертеклериниң финал бөлиминде сүўретленеди. Той бериў, тойды өткериў – қаҳарманлардың баслы идеяларына ерискенин билдиретуғын салт-дәстүр ҳәм бул ертеклердиң соңында орын алады. Ертеклерде тойлардың жети күн ҳәм жети түн даўам етиўи бул сакраллық санлар менен байланыслы болып, бунда бул салт-дәстүрлердиң узақ ўақыт өткерилиўи эпикалық көриниске ийе. «Мурадына жеткен ашықлар» атлы ертекте Жәлимбет Бийбисәнем деген қызға ашық болады. Қыз жигитке «ата-анама барып, мени айттырып ал» дейди. Яғный, ертекте жаўшы жиберип, айттырып алыў, үйлениў, қалың мал салыў сыяқлы салт-дәстүрлер сөз етилген [5: 42-49]. «Батыр бала» атлы ертекте үш баланың генжеси үйинен қуўылады. Соң басқа бир елге барады. Бир отаўға киреди. Отаўда бир ғарры менен кемпир бар. Оларға тәңир сәлемин береди. Бунда қарақалпақ халқының этикетлери, үрп-әдетлери, салт-дәстүрлери, әдепикрамлылық нормалары орын алған [5: 49-58). «Гүлзәмзе» атлы ертекте бир жарлы адам үш баласына мал-мүлкин бөлистирип берип, мийрас етип қалдырады [5: 59-66). Бул салт-дәстүр қарақалпақ халқында ғана емес, ал, басқа туўысқан халықларда да ертеден бар. «Шешен бала» атлы ертекте де қарақалпақ халқына тән үрп-әдет, салт-дәстүрлер орын алған. Онда Жалғызбай деген шопан бала болады. Ол қарақалпақтың он төрт бийин үйине мирәт етеди. Бийлер «қонақ асына не сойып бересең?» деп баладан сорайды. Бала «Тапсам биреўин, таппасам екеўин сойып беремен» дейди. Бийлер бул гәпке түсинбей, оның үстинен күлип, кетип қалады. Бирақ, жолдан адасып және Жалғызбайдың ылашығында қонып қалады. Шопан бала оларға буўаз ешкисин сойып береди. Ешкиниң ишинде ылағы бар, ешки буўаз болады. Жалғызбай бийлердиң қонақ асы деп өзиниң буўаз ешкисинен де кешеди [5: 261-266]. «Жалғыз қойлы шопан ҳәм саўдегер» атлы ертекте аманатқа қыянет етпеў дәстүри, аманат адамды аман сақлайтуғынлығы сөз етилген. Бир қасқыр шопанның жалғыз қойын жейди. Шопан қойының терисин кәрўанларға «сатып берсеңиз» деп берип жибереди. Кәрўанбасы терини басқа бир елде бир пышыққа алмастырады. Және бир өзге елге келгенде сол мәканда тышқан көп болады. Бул мәканның 54 адамлары пышықты қымбат баҳада сатып алады. Кәрўан байып кетеди. Кәрўандағылар шопанға азғантай пул бериўди ойласады. Бирақ, қарақшылар оларды тонайды. Қарақшылар инсаплы болып шығады ҳәм кәрўанға байлықларын қайтарып береди. Бирақ, шопанның қой терисиниң ҳақын бериўи шәрт екенлигин айтады. Шопан байып кетеди [5: 293-295]. «Ақыллы бала» атлы ертекте патша ҳәм оның баласы сөз етилген. Патша баласына үш нәсият айтады: Жолда түнеўши болсаң, ойда емес, дөңде жат, дуз ишкен жериңе қыянет етпе, азанғы асты таслама! Патшаның баласы атабабалардан мийрас болып киятырған усы ақыл-кеңеслерге дыққат аўдарып, мурат-мақсетине жетеди. «Ақыллы қатын» атлы ертекте де бир жигитке әкеси үш нәсият айтады: Жасы үлкенди сыйла, жас кишиге иззет көрсет, ири сөйле, майда гәп айтпа! Буның мәнисин жигиттиң ҳаялы түсинип, жигитке билдиреди. Дөретпеде қарақалпақ халқының үрп-әдет, салт-дәстүрлери сөз етилген [5: 254255]. «Гереңлер» атлы ертекте бир герең екинши гереңге ешкилерин таўып бергени ушын, қудайыға деп бир мүйизи сынық ешкисин береди. Бунда қудайыға мал бериў дәстүри сүўретленген [5:329-330]. «Мәсләҳәт» атлы ертекте жерлеў дәстүри орын алған [5:334-336]. «Қубылы батыр» атлы ертекте Әбилзаман деген адам ҳәм оның Қубылы деген баласы атап өтилген. Ертекте Қубылы әкесинен ҳақ жол тилеп, ақ пәтиясын алғанлығы, пәтия алыў салтдәстүри сөз етилген [6: 8-13]. «Орал батыр» атлы ертекте бир байдың бес баласы болғанлығы айтылған. Бай бес баласына патшаның бес қызын айттырып, қуда түседи. Бунда қуда түсиў салт-дәстүри сүўретленген [6: 19-27]. «Гүлбүлбүл» атлы ертекте бас қаҳарман бир отаўға барады. Отаўда қызлар менен олардың жеңгеси отырған болады. Гүлбүлбүл досты Нарымбет екеўи сол қызлар менен қыз-жигитлер айтысын, сораў-жуўап айтысын өткереди. Бул болса, қарақалпақ халқында дәстүрге айланған [6: 28-43]. «Нанбайдың баласы» атлы ертекте жигит патшаның қызын айттырады ҳәм қалың малды да төлейди. Бунда қарақалпақ халқындағы қыз айттырыў, қалың мал төлеў салт-дәстүрлери орын алған [7: 52-53]. «Тыйын» атлы ертекте де бир жигиттиң қарындасын алған Қарақус (негизинде сыйқырланған адам) «қалың малыңа не аласаң?» дейди. Бул дөретпеде де қалың мал дәстүри атап өтилген [8]. «Аққус» атлы ертекте қарақалпақ халқындағы аға-ини, әжапа, жезде сыяқлы табу сөзлер гезлеседи. Салт-дәстүр бойынша ата журт, дайы журт, қайын журтлардағы жақын-жуўықлардың, ағайын-туўысқанлардың атларын айтыўға болмайды. Яғный, булар табу сөзлер есапланады [7: 53-56]. «Дурыс 55 нәсият» атлы ертекте бир жигиттиң әлийеде түнеў дәстүри сөз етилген. Бул ертеден киятырған исенимлер болып табылады [7: 116-117]. Қарақалпақ халық аўызеки дөретпелериндеги үрп-әдетлер, салтдәстүрлерди этнографиялық жақтан Х.Есбергенов, Ж.Хошниязов [9], А.Бекмуратова [10] ҳәм тағы басқа илимпазлар арнаўлы үйренген. Шынында да, фольклорлық дөретпелерде ҳәр бир халықтың тарийхы, мәденияты, үрпәдет, салт-дәстүрлери терең орын алған. Қарақалпақ халық ертеклеринде де ерте заманлардан бүгинги күнге шекем сақланып киятырған үрп-әдетлер, салтдәстүрлер сәўлелениўин тапқан. Бул мәселени арнаўлы үйрениў оғада актуал саналады. Пайдаланылған әдебиятлар: 1. Наговицын А.Е., Пономарева В.И. Атлас сказочного мира. – Москва: Генезис, 2011. 2. Дәўқараев Н. Шығармаларының толық жыйнағы. – Том 2. – Нөкис: Қарақалпақстан, 1977. 3. Мәмбетназаров Қ. Қарақалпақ ертеклери ҳаққында. – Нөкис: Қарақалпақстан, 1981. 4. Мамбетназаров К. Каракалпакские народные сказки. Автореферат диссертации на соискание ученой степени кандидата филологических наук– Нукус, 1967. 5. Қарақалпақ фольклоры. Том 1. – Нөкис: Қарақалпақстан, 1977. 6. Қарақалпақ фольклоры. Том 2. – Нөкис: Қарақалпақстан, 1977. 7. Қарақалпақ фольклоры. Том 67-76. – Нөкис: Илим, 2014. 8. Tiyin. – Nokis: Bilim, 2018. 9. Есбергенов Х., Хошниязов Ж. Этнографические мотивы в каракалпакском фольклоре. – Ташкент: Фан, 1988. 10. Бекмуратова А. Быт и семья каракалпаков в прошлом и настоящим. – Нукус: Каракалпакстан, 1969.