КОМПОЗИЦИЯНЫҢ КӨРКЕМ ШЫҒАРМАДА ҲӘМ ПЕЙЗАЖ ОБРАЗЫН ЖАСАЎДАҒЫ ОРНЫ
Full text
374 КОМПОЗИЦИЯНЫҢ КӨРКЕМ ШЫҒАРМАДА ҲӘМ ПЕЙЗАЖ ОБРАЗЫН ЖАСАЎДАҒЫ ОРНЫ Сейтниязов Турсынбай Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институт, Өз бетинше излениўши DOI: https://doi.org/10.5281/zenodo.17272169 Аннотация. Мақалада қарақалпақ прозасында тәбият көрнислериниң сүўретлениўи ҳаққында пикирлер жүритилген. Қарақалпақ романларында мезгиллердиң ўақыя қатнасы, сондай-ақ, романдағы персонажлардың ўақытқа қатнасы ҳаққында анализ исленген. Композицияның көркем шығармада тутатуғын орны, олардың ис-ҳәрекетке, ўақыяның раўажланыўына қатнасы үйренилди. Таяныш сөзлер: Әдебият, тәбият, көркем сүўретлеў, ўақыт, мезгил, күн, түн. Аннотация. В статье рассматривается изображение природных сцен в каракалпакской прозе. В каракалпакских романах проанализировано событийное отношение времен, а также отношение персонажей к времени. Была изучена роль композиции в художественном произведении, её отношение к действию и развитию сюжета. Ключевые слова: Литература, природа, изобразительное искусство, время, сезон, день, ночь. Annotation. The article examines the depiction of natural scenes in Karakalpak prose. In Karakalpak novels, the events of time, as well as the characters' attitudes towards time, are analyzed. The role of composition in a literary work, its relationship to action and plot development, was studied. Keywords: Literature, nature, art, time, season, day, night. Композицияның көркем шығармада тутатуғын орны айрықша, ол сюжет конфликт сыяқлы романда қаҳарман образын қәлиплестириўде хызмет етеди. «Сюжет – бул әпиўайы етип айтқанда қаҳарман образының ашылыўына себепши болатуғын ўақыялар, ис-ҳәрекет, шараят ҳәм басқалардың жыйынтығы болса, композиция усы компонентлердиң ҳәр бир көркем шығармада өз өзгешеликлери менен орналасыў принциплери, олардың жайласыў тәртиби ямаса жазыўшы тәрепинен характерди ашыўға себепши болатуғын ўақыялардың ҳ.т.б. жәмийетлик ҳәм жеке субъективлик ҳәрекетлер суммасын монтажлаў усыллары болып есапланады.[1.8]. Солай екен, жазыўшы усы көркем ўазыйпаларды орынлаў ушын ҳәр қыйлы усылларды қолланады. Сюжетти жайластырыў, оның ишинде қаҳарманның ҳәрекет етиўи ушын кеңислик жаратып бериў жазыўшыдан шеберликти, излениўди талап етеди. Өйткени, ўақыя, қубылыслар көркем кеңисликте қалай болса солай жыйнақсыз жайласса, ол шығарманың пүтинлигине кери тәсирин тийгизип ғана қалмастан
375 оқыўшыда оларға деген исенимсизлик пайда етеди. Сонлықтанда жазыўшылар композиция дүзиўде ҳәр қыйлы көркем усылларды пайда етеди. Пейзажлық сүўретлеўлер көркем шығармада өзине тән көркем әмеллерди орынлайды. Пейзажлық образлардың және бир ўазыйпасы шығарманың композициялық қурылысына тиккелей тәсир етиўинде көринеди. Мәселен, қуяштың горизонттан көтерилиўи, горизонтқа батып баратырғаны, тас төбеде турыўы ямаса жағымлы самал есиўи арқалы адамлардың кеўил кейпиятының көтерилиўи ямаса керисинше жағымсыз самал, дүбелейдиң адамларды әбигерлендирип таслаўы сыяқлы тәбият қубылысларының сүўретлениўи арқалы шығарма басланыўы, ўақыялар, сюжеттиң раўажланыўында бурылыс жасалыўы мүмкин. «Тәбият әдебий шығарманың мазмунлық ҳәм композициялық элементлериниң бири.» .[2.268]. Демек, көркем шығармаға өзинше көркемлик бағышлайтуғын бул қубылыс қарақалпақ романларында да сөзсиз байқалады. Сарқырап, шаўқым салып, тасларға тас урып, шапқан аттай тезликте асыққан суўда қалқыдай тербелген кеме еки таў арасынан зымырап өтти, әжайып көринисти ядында мөрлеп қалыўға умтылған Рашид ҳажы оң жағалықтың текше-текше, ал сол жағалық тикжар екенин көрди. Қыснаққа киреберисте оң тәрептеги таўдың басында саўлат төгип турған қорған – «Жампыққала» деп аталатуғынын сөзиўар кемеши Меңлимурат соңынан айтып берди. [3.176]. Оқыўшы бул сүўретлеўлер арқалы алда қандай да бир қорқынышлы ўақыя жүз беретуғынын күтетуғыны анық. Себеби, пейзажлық сүўретлеўлер (тап кемениң алдын тосып турғандай қап-қара булт киби таўлар көринди) усыған ишара еди. Сондай-ақ усы пейзажлық сүўретлеўлер фонында персонажлардың ис ҳәрекети де (Кемешилер тынышсызланып қалды, кемениң жүзиўи де тезлести) оқыўшылардың күткениниң тийкарлы екенинен дәрек береди. Бирақ оқыўшы күткен қорқынышлы ўақыя жүз бермеди. Оның орнына авторлық сүўретлеўлер арқалы берилген пейзажлық образ (шапқан аттай тезликте асыққан суўда қалқыдай тербелген кеме еки таў арасынан зымырап өтти, оң жағалықтың текше-текше, ал сол жағалық тикжар) бир жағынан тәбияттың қайталанбас сулыўлығына сүйсиниў сезимлерин пайда етсе, екиншиден, еки жақтағы таў қыснағынан өткен кемини қарақшылардың ийелеп алыў қәўпиниң жокары екенлиги көринип турар еди. Алыстан таўлардың қара булт киби қорқынышлы көриниўи кемешилердиң тынышсыз ҳәрекетлерине қосылып қәўетерли жағдайды пайда етсе, еки таўдың
376 арасындағы қыснақтан кемениң тезлик пенен өтиўи ўақыялар динамикасына тәсир етпей қоймайды. Персонажларда да, оларға қосылып оқыўшыларда да сергеклик кейпияты пайда болады. Ақыр аяғында булардың барлығы Рашид ҳажы (Вамбери) ҳаққында оқыўшыда қосымша мағлыўматлар пайда етиўге де хызмет етеди. Демек, пейзажлық сүўретлеўлер ўақыя-ҳәдийсе, сюжеттиң жайласыўына, қаҳарман образының толығыўына тиккелей тәсир жасайды. Шығармада тәбият қубылысларының сүўретлениўи сол ўақыттағы ўақыяларға, қубылысларға тиккелей тәсир жасайды. Демек, ол композицияны пайда етиўши элемент сыпатында хызмет етеди. «Шығарма композициясында пейзажды экология проблемасына байланыслы қолланыў жағдайы биз анализлеп отырған шығармалардың ишинде тек У.Пиржановтың «Апрельдиң соңғы ақшамы повестинде ушырасады. Бунда тәбият мәселеси шығарманың тийкарғы идеясы (инсан нәсилин даўам еттириў идеясы) менен қатар көтериледи.» [4.75]. Т.Қайыпбергеновтың «Қарақалпақ дәстаны» романында да ўақыяларды тәбият қубылысларына байланыслы сүўретлеў жетекшилик етеди. Жазыўшы бундай сүўретлеўлерди қолланғанда адам ҳәм тәбият қатнасықлары, олардың бир-бирине тәсири мәелесине үлкен әҳмийет береди. Оларды шығарма композициясының қәлиплесиўи ушын да пайдаланады. «Самал еспеди, шөп қыймылдамады, атлар оқыранбады, жер тебиспеди, төбеден қус ушпады, ҳәтте, биреўдиң деми биреўге еситилмеди.» [5.307]. «Маман бий әпсанасы» романынан алынған бул үзиндиде күтилмеген ҳәдийсени аңлатыў ушын жоқарыдағыдай тәбият қубылысларын сүўретлеўге мүтәжлик сезиледи. Бул айрықша жағдай жүз бергенде болатуғын көринис. Халық бирлиги, халықтың улыўма душпанына қарсы оларды бириктириў ушын Ырысқул бийдиң жалғыз улы Төреқулды өлтирип бийдиң алдына Маман бийдиң келген пайытындағы көринис. Бул жерде инсан тәғдири тур. Бир емес, еки инсан тәғдири. Бири өлген, екиншиси тири. Өлген адам да анаў мынаў емес, үлкен урыўдың бас бийиниң баласы. Оның өлими ушын өш алыныўы керек болса, пүткил халықты бириктиремен деп жүрген екинши адам өлиўи тийис. Бирақ ол өлтирилсе улыўма романның идеясы да өледи. Сонлықтанда романда сүўретленгениндей тәбият қубылысларының, адамлар ҳәм тири жанзатлар қыймылының тынып қалғанындай оқыўшының да дыққаты тоқтап қалады, келеси ҳәрекет-ҳәдийсени күтиўге мәжбүр болады. Қаҳарманлардың ис-ҳәрекетин, олардың рухый ҳалатын көрсете алатуғын бундай сүўретлеўлер, әсиресе, тәбият көринислери арқалы берилиўи қаншелли әҳмийетке ийе екенин көриўге болады. Солай екен,
377 бундай усыллар сюжеттиң, ўақыя-ҳәдийселердиң тәбийий раўажланыўын тәмийнлейди. Қаҳарманды тәбият фонында сүўретлеў дерлик жүдә көп шығармаларда ушырасады. Бунда тәбият көриниси оқыўшыны шалғытыў ушын сүўретленип атырғаны менен тийкарында бул сүўретлеўлер арқалы жаңа ўақыя-ҳәдийсениң басланып атырғанын билиўге болады. Өйткени, пейзажлық көринислер сол ўақыя басланып атырған жер менен қаҳарманның ишки ой кеширмелерин байланыстырыўшы хызметин де атқарады. «Бүршиклери теңлеп қырқылғандай, ушлары теп-тегис жыңғыллықлар үстинен гә басы, гә көкирегинен жоқарысы жалт-жулт көринип, мисли терең жайлым суўдан бойлап баратырғандай, қыймылы тосаң, қара қалпақлы жекке адам киятыр.» («Маман бий әпсанасы» 350-бет) Бул көринислер дәрўиш ямаса ҳажы нықабы менен Орайлық Азия жерлерин гезип, бул жерлер ҳаққында мағлыўматлар топлаған Херман Вамберидиң дәрья бойлап қарақалпақлар арасына баратырғандағы сапар ўақтын сүўретлейди. Дәрья жолын сүўретлеў арқалы Вамберидиң әтирап аймакқа қызығыўшаң екенлиги уқтырып отырылады. Жазыўшы жол бойы ҳәр қыйлы көринислерди сүўретлей отырып сол дәўир ушын характерли болған географиялық өзиншеликлерди де таныстырыўға үлгереди. Бул көркем шығарма ушын, әсиресе, тарийхый шығарма ушын жүдә әҳмийетли. Буннан кейинги ўақыялардың раўажланыўы ушын да белгили дәрежеде түртки хызмет өтейди. Херманның молла Ысақтың Қоңырат қаласын көрип қайтыў бойынша усынысына бирден көниўи, оның өз жанынан қәрежет жумсап суў жолы арқалы Қоңырат қаласына барып қайтыўы Вамбери образын және де толықтырады. Пейзажлық сүўретлеўлер гейде мәзи тәбияттың сулыўлығын, өзиншелигин сүўретлеўди мақсет еткендей туйылағаны менен ол сюжетти буннан ары қарай раўажландырыў, шығарманың мазмунын күшейтиў ушын хызмет қылады. Буны биз жазыўшы К.Каримовтың «Дәрўиш» романы мысалында көрип өттик. Ал пейзажлық сүўретлеўлер арқалы шығарма жуўмақланса, яғный ол жуўмақ хызметин атқарса, жазыўшы өз шығармасына тужырымлы жуўмақ жасай алғанын көрсетеди. Ш.Сейтовтың «Халқабад» роман эпопеясы усындай жуўмаққа ийе болған ҳәм оны композиция көз қарасынан жазыўшының табысы сыпатында қараў мүмкин.
378 Пайдаланылған əдебиятлар: 1. Нуржанов П., Ҳәзирги қарақалпақ романы поэтикасы (Композициялық ҳәм жанрлықстиллик өзгешеликлери), Нөкис, «Билим», 2008, 8-бет 2. Крупчанов Л.М. Введение в литературоведение. Москва, «Юрайт», 2016, 268-бет 3. Каримов К. Дәрўиш, Нөкис, «Билим», 2019, 176-бет 4. Сағидуллаева Жәмийла, Қарақалпақ повестлеринде стильлик изленислер, Нөкис, «Қарақалпақстан», 2020, 75-бет 5. Қайыпбергенов Т. Қарақалпақ дәстаны. Маман бий әпсанасы, Нөкис «Қарақалпақстан», 1989, 307-бет