scieee AI-readable full text Open interactive document viewer

ТАҚЫЯТАС РАЙОНЫ ИШКИ ИСЛЕР БӨЛИМИНИҢ ХХ ӘСИРДИҢ 70-90 ЖЫЛЛАРДАҒЫ ТАРИЙХЫ

Қосбергенов, Бахтыбай Жугинисович

Abstract

Бул мақалада Тақыятас районы ишки ислер бөлиминиң шөлкемлестирилиўинен кейинги жыллардағы тарийхы, 1970-жылдан 1990-жылға шекемги ишки ислер бөлиминиң басшылары ҳәм де олардың усы дәўирде ерискен жетискенликлери ҳәм қәте кемшиликлер ҳаққында сөз етиледи.

Full text

INTERNATIONALSCIENCES, EDUCATION AND NEW LEARNING TECHNOLOGIES VOLUME 2 | ISSUE 7 | 2025 https://internationalsciences.org/ | Social Sciences and Humanities | October, 2025 92 DOI: https://10.5281/zenodo.17486482 ТАҚЫЯТАС РАЙОНЫ ИШКИ ИСЛЕР БӨЛИМИНИҢ ХХ ӘСИРДИҢ 7090 ЖЫЛЛАРДАҒЫ ТАРИЙХЫ Қосбергенов Бахтыбай Жугинисович Қарақалпақ мәмлекетлик университети АННОТАЦИЯ Бул мақалада Тақыятас районы ишки ислер бөлиминиң шөлкемлестирилиўинен кейинги жыллардағы тарийхы, 1970-жылдан 1990жылға шекемги ишки ислер бөлиминиң басшылары ҳәм де олардың усы дәўирде ерискен жетискенликлери ҳәм қәте кемшиликлер ҳаққында сөз етиледи. Гилт сөзлер: Тақыятас районы, Тақыятас районы ишки ислер бөлими, Наўрызбай Таўмуратов, Оразбай Нуржанов, подполковник, майор. Ҳәр қандай өзлигин аңлаған ел-журт, мәмлекет, халық миллий тили менен қәдириятларын, үрип-әдетлерин сақлап емин-еркин жасаўға умтылады. Улкен аўқам қурамында миллий қәдирятларымыздан, дәстүрлеримизден, қанымызға сиңген динимизден айрылып қалдық. Қадаған етиўлер, қудайсызлықты үгитлеп, қадаған етиўлер халқымыздың жанына батты. Тарийхтан белгили, тынышлықты сақлаўға жуўапкер ҳуқық қорғаў бөлимлери түрли мәмлекетлерде түрлише тилге алынған. Атап айтқанда, орта әсирлерде мәмлекетлик тәртипсизликтиң алдын алыўшы хизметкерлер деп аталган жаўингер әскерий гвардия исленген болса, Хорезмшахлар мәмлекети дәўиринде халықтың тынышлығын сақлаў ҳәм айыпкерлерди жазалаў ўазыйпасын миршаблық хизметин атқарган. Тарийхы саррас жетпис жылды қаралап қалған Тақыятас ишки ислер бөлиминиң өтмишине көз жиберсек, тәғдири халқымыздың аўыр тәғдири менен егиз, машақатлы ҳәм оғада жуўапкерли кәсип ийелериниң өмир ҳәм хизмет жолы көз алдымызға елеслейди. 1957-жыл 20-сентябрь күни Қарақалпақстан АССР Жоқары кеңеси Президиуми қарары менен Хожели районының қаласы сыпатында Тақыятас халық пункти аймақлық қаласына айландырылған ҳәм усы жылы Тақыятас қаласы ашылғаннан кейин қала аймағында жǝмийетлик тǝртипти сақлаў, пуқаралардыӊ қаўипсизлигин тǝмийинлеў, жынаятшылық ҳǝм INTERNATIONALSCIENCES, EDUCATION AND NEW LEARNING TECHNOLOGIES VOLUME 2 | ISSUE 7 | 2025 https://internationalsciences.org/ | Social Sciences and Humanities | October, 2025 93 ҳуқықбузарлықлардыӊ алдын алыў мақсетинде, Тақыятас милиция бɵлими дузилген. Тақыятас милиция бɵлими баслығы болып ислеген Айтбай Бекимбетовтың 1970 жылы «Гүрес», 1975 жылы «Әжайып әўладлар» китаплары басылып шықты. Тәғдир менен дɵретиўшилик истиӊ мол машақатын теӊдей басынан кеширип еки роман, он бес повесть, жүзден аслам гүрриӊ ҳәм очерклер жазды. Мийнетлерин ҳүкиметимиз жоқары бақалап, «Қарақалпақстанға мийнети сиӊген мәденият хызметкери» атағы берилди. Бердақ атындағ мәмлекетлик сыйлықтыӊ лауреаты болды. 60 жыллық юбилейине байланыслы «Ɵзбекстанға мийнети сиӊген мәденият хызметкери» хүрметли атағы берилди. Ол «Жаўынгерлик хызмети ушын», «1941-1945-жыллардағы Ўатандарлық урыста Германия үстинен ерискен жеӊис ушын» медаллары менен Ɵзбекстан, Қарақалпақстан Жоқарғы Советлери Президумларыныӊ «Ҳүрмет жарлық»лары менен сыйлықланды. [5., 98] Ишки ислер уйымының туңғыш қарлығашларының бири Айтбай Бекимбетов тек ишки ислер уйымы пидайысы ғана емес, қарақалпақ әдебиятында гиреўли орны бар белгили жазыўшы сыпатында да әўладлар ядында мәңги сақланып қалды. Тақыятас ишки ислер уйымының дәслепки басщыларының бири подполковник Наўрызбай Таўмуратовтың (10.1966-12.1969 жж.) хызметлери уллы болды бул кексе кәсиплесимиз бүгинги күндеде хызметтен қол үзбей, ишки ислер министрлиги ветеранлар кеңесине басшылық етип атырғанына қуўанамыз. Дәслепки қәдемин ишки ислер уйымы турмысынан газетаға мақала жазыўдан баслаған Оразбай Нуржанов, изин ала милиция исине шынтлап қызықты. Оқыды, саўатлы болды. Ищки ислер уйымына жумысқа араласты. 1979–1983 жыллары Тақыятас ишки ислер бөлимине баслық болып,полковник дәрежесин алды, жәмийетлик тәртипти қорғаўға, нызамлылықты сақлаўға үлес қосты. Бул ветеранымыз ҳәзир арамызда жоқ,илайым, руўхы шад, қәбири абат болғай. Тағы бир арамызда жоқ ветеранлардың бири ищки ислер министриниң орынбасарлығынан өз тилеги менен Тақыятас ишки ислер бөлимине баслық болып келген полковник Баққалий Ийманғалиев еди. Ҳәкимият қабыллаўханасында отырып, ҳәзил-шыны аралас бир гәп айтып айтып қалды. Қорғаў бөлиминиң қатардағы милиционери разряд пенен ишки ислер болими баслығынан көп айлық алады. Аз айлық пенен ислеп жүрген жанымыз тас екен. Буны еситип ишки ислер уйымының сол ўақыттағы ис ҳақысы аз екенин сонда билгенбиз. Аз айлық пенен-ақ халық мәпи ущын жәмийетлик тәртипти қорғаўшылар көп ибратлы ислерди әмелге асырды. INTERNATIONALSCIENCES, EDUCATION AND NEW LEARNING TECHNOLOGIES VOLUME 2 | ISSUE 7 | 2025 https://internationalsciences.org/ | Social Sciences and Humanities | October, 2025 94 ƟзССР ИИМ ниӊ 1976-жыл 3-декабрь күнги буйрығы менен мийнеткешлер депутатларыныӊ қалалық, районлық Совет атқарыў комитетлериниӊ ишки ислер бɵлимлериниӊ штатлары қайтадан тастыйықланды. Тақыятас қалалық ишки ислер бɵлими 43 адамнан ибарат болды. Бɵлим баслығы, баслықтыӊ сиясийтәрбия ислери бойынша орынбасары, баслықтыӊ орынбасары, баслықтыӊ гезекшилик жәрдемшилери ҳәм 6 гезекши жәрдемшиси, профилактикалық хызметтиӊ аға инспекторы, 4 аймақлық милиция инспекторлары, жынаят қыдырыў тармағыныӊ аға инспекторы ҳәм инспекторы, 2 инспектор, аға автоинспектор, паспорт столыныӊ баслығы ҳәм 2 паспортист, 2 тергеўши, бири аға тергеўши, ɵртке қарсы мәмлекетлик инспекция баслығы, хаткер есапшы, аға ис меӊгериўши ҳәм 24 моторластырылған взвод жумыс иследи. [5., 100] Дәслепки қәдемин ишки ислер уйымы турмысынан газетаға мақала жазыўдан баслаған Оразбай Нуржанов,изин ала милиция исине шынтлап қызықты. Оқыды, саўатлы болды. Ищки ислер уйымына жумысқа араласты, 1979–1983 жыллары Тақыятас ишки ислер бөлимине баслық болып, полковник дәрежесин алды, жәмийетлик тәртипти қорғаўға, нызамлылықты сақлаўға үлес қосты. Бул ветеранымыз ҳәзир арамызда жоқ,илайым, руўхы шад, қәбири абат болғай. Тағы бир арамызда жоқ ветеранлардың бири ищки ислер министриниң орынбасарлығынан өз тилеги менен Тақыятас ишки ислер бөлимине баслық болып келген полковник Баққалий Ийманғалиев еди. Ҳәкимият қабыллаўханасында отырып, ҳәзил–шыны аралас бир гәп айтып айтып қалды. Қорғаў бөлиминиң қатардағы милиционери разряд пенен ишки ислер болими баслығынан көп айлық алады.Аз айлық пенен ислеп жүрген жанымыз тас екен. Буны еситип ишки ислер уйымының сол ўақыттағы ис ҳақысы аз екенин сонда билгенбиз.Аз айлық пенен-ақ халық мәпи ущын жәмийетлик тәртипти қорғаўшылар көп ибратлы ислерди әмелге асырды. Б. Ийманғалиев басшы болып ислеген пайыты 1993 жылы бес мәмлекет Қазақстан, Озбекстан, Тәжикстан, Қырғызстан, Түркменстан басшыларының Арал мәселеси бойынша Нөкисте ушырасыўына туўра келди. Тақыятастың пайына Түркменстан Президенти Сапармурат Ныязовты күтип алыў ҳәм узатып салыў ўазыйпасы тийди. Тақыятаслы ишки ислери уйымы хызметкерлери бул миннетти инабатлы атқарды. Бул китапта сүўретлери қойылған, ҳәзир арамызда жоқ ҳәм еле хызметте ислеп атырған бурынғы басшылардың барлығының да жәмийетлик тәртипти сақлаўда,нызамлылықты қорғаўда хызметлери гиреўли екенлигин атап өтиўимиз тийис. Районның гүллениўи менен абаданласыўында,раўажланыўында ылайықлы үлеси бар. INTERNATIONALSCIENCES, EDUCATION AND NEW LEARNING TECHNOLOGIES VOLUME 2 | ISSUE 7 | 2025 https://internationalsciences.org/ | Social Sciences and Humanities | October, 2025 95 Тақиятас районы ишки ислер бөлиминиң ХХ әсирдиң 70-90 жыллардағы басшылары; 1. Подполковник Қылычдурдиев Мерет 02.1970 - 12.1972-жж 2. Подполковник Свечников Виталий Васильевич 02.1973 - 01.1976-жж 3. Подполковник Махмудов Абылхан 02.1976 - 02.1979-жж 4. Полковник Нуржанов Уразбай 02.1979 - 05.1983-жж 5. Майор Кангреев Владимир Хусайнович 07.1983 - 04.1986-жж 6. Майор Тряшин Евгений 05.1986 - 06.1991 жж [5., 107-108] ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР:(REFERENCES) 1. Ўзбекистон Республикаси ИИВ Академиясининг ахборотномаси. — 2021. — 4-сон 2. N. Tawmuratov “Insandı qorǵaw huquqı menen” Nókis 1992 3. "Ichki ishlar organlari to'g'risida"gi qonun Toshkent 2016 4. N. Tawmuratov “Qaraqalpaqstan Respublikası Ishki isler organları tariyxı” Nókis 2011 5. Тақыятас қаласы дүзилгениниң 70 жыллық юбилейине бағышланады Нур қаласы. Нөкис «Қарақалпақстан» баспасы 2023