scieee AI-readable full text Open interactive document viewer

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЙМАҒЫ ҲАЎА ТЕМПЕРАТУРАСЫ ӨЗГЕРИСИНИҢ АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ЕГИНЛЕРИ ЗЫЯНКЕСЛЕРИНЕ ТӘСИРИ

Төрениязов Елмурат Шерниязович

Full text

550 УДК: 551.583+632.7 ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЙМАҒЫ ҲАЎА ТЕМПЕРАТУРАСЫ ӨЗГЕРИСИНИҢ АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ЕГИНЛЕРИ ЗЫЯНКЕСЛЕРИНЕ ТӘСИРИ Төрениязов Елмурат Шерниязович Аўыл хожалығы илимлериниң докторы, профессор Қаракалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты e-mail: [email protected] DOI: https://doi.org/10.5281/zenodo.17537902 Аннотация: Мақалада Қарақалпақста аймағында абиотикалық, биотикалық факторлар өзгериси жағдайында жүз берген, аўыл хожалық егинлери зыянкеслериниң түрлери өзгериўине, тазадан пайда болғанларының раўажланыў биоэкологиясына унамлы ҳәм унамсыз тәсирлерин анықлаў, оларға қарсы гүрес илажларын алып барыў бойынша өткерилип атырған илимий-изертлеў жумысларының жуўмақлары киритилген. Нәтийжеде, соңғы жыллары аймақтың агроықлым шараятындағы абиотикалық факторлар элементлери өзгерислери тәсиринен аўыл хожалық егинлери атызларында көплеген зыянкеслер пайда болып, тарқалған ареаллары, келтирип атырған зыянлылық тәсирлери артып барыўы дәлилленип, оларға қарсы гүрес илажларын ислеп шығыў талап етилетуғынлығы илимий жақдан дәлилленген. Кaлит сөзлер: Агроықлым, зыянкес, түр, биология, динамика, зыянлылық, температура, ығаллылық. Annotation: The article presents the results of ongoing research on determining the positive and negative impacts of newly emerged pests on the developmental bioecology of agricultural crop pests due to changes in abiotic and biotic factors in the Karakalpakstan region, and on implementing control measures against them. As a result, it has been scientifically proven that in recent years, due to changes in the elements of abiotic factors in the agroclimatic conditions of the region, many pests have appeared in the fields of agricultural crops, the areas of their distribution and the harmful effects they cause are increasing, and it is necessary to develop measures to combat them. Keywords: Agroclimate, pest, species, biology, dynamics, harmfulness, temperature, humidity. Кирисиў: Дүнья мәмлекетлеринде соңғы жыллары жүзеге келип атырған экологиялық факторлардың өзгериўиндеги абиотикалық факторлар элементлериниң өзгериске ушыраўы Қарақалпақстан аймағында да бираз сезилерди дәрежеде көринип атырғанлығы есапқа алынды. Нәтийжеде аўыл хожалық егинлери түрлериниң өсип-раўажланыў ҳәм алынатуғын ҳасылдың сан ҳәм сыпат көрсеткишлерине тәсир етиўи менен айырықша әҳмийетке ийе болмақда. Биринши нәўбетте, егинлер түрлеринде пайда болып, тиришилик зәрүрлиги бойынша өсимликлерге тиккелей байланысған ҳәм ҳасылдарлығын кемейтип баратуғын зыянкеслердиң түрлериниң өзгериўине, келтиретуғын зыянлылық дәрежелериниң артыўына имканият жаратып бермекде. 551 Зыянкеслердиң бул түрлериниң келтирип атырған зыянлылықларын сапластырыў ушын алып барылып атырған қарсы гүрес илажларынан күтилген пайда алынбай атырғанлығы, бундай жағдайлардың жүз бериўиндеги тийкарғы факторларды анықлап, илимий тийкарда қарсы гүрес илажларын алып барыўды талап етиледи. Сонлықданда усы мәселелерди бүгинги күндеги аўыл хожалық егинлери түрлеринде пайда болатуғын зыянкеслердиң раўажланыўына қолай болатуғын ҳаўа температура көрсетктшлерин анықлаў, актуал маселе екенлигин есапқа алып арнаўлы бақлаў ҳәм илимий-изертлеў жумыслары алып барылмақда. Материал ҳәм усыллар: Абиотикалық факторлар элементлери өзгерислерине анализ қылыў ушын бақлаўлар өткерилген орындағы метеостанциядан орташа күнлик температура, ҳаўаның салыстырмалы ығаллылығы, жаўын шашын муғдары (Матмуратов, 1989) есаплап барылды. Атызларда ушырасған зыянкеслердиң түрлери, раўажланыў биоэкологиясы, динамикасы (Адешкевич, 1983;Худжаев ҳ.т.б., 2018;), келтиретуғын зыянлылық дәрежеси (Танский,1988), түрлерине қарсы гүрес илажлары (Кимсанбаев,2020; Хўджаев, 2020), тәжирийбелерди қойыў ҳәм алынған мағлыўматларды статистик анализлер қылыў (Доспехов, 1986) усыллары жәрдеминде орынланды. Нәтийже ҳәм оны талқылаў:Қарақалпақстан агроықлым шараятында егилип атырған аўыл хожалық егинлери түрлериниң тез писер, қысға вегетация дәўирине ийе болған сортлары егилип ҳасыл алып келинбекде. Усындай биоценоздың тийкарғы ағзалары есапланған аўыл хожалық егинлери зыянкеслери, олардың раўажланыў биоэкологиясында да белгили дәрежедеги өзгешеликлердиң бар екенлиги менен ажыралып турады. Көп жыллар даўамында аўыл хожалық егинлери атызларында тарқалған зыянкеслердиң түрлери арасында соңғы жыллары бираз дәрежедеги өзгерислердиң жүз бериўи, биринши нәўбетте абиотикалық ҳәм биотикалық факторлардың өзгерислери тәсиринен болып турғанлығы анықланды. Бул бойынша алып барылып атырған бақлаў ҳәм изертлеўлердиң нәтийжелери зыянкеслердиң тийкарғы бөлеги набыт болатуғын қыс айларының бираз жумсақ келиўи, тийкарғы факторлардан екенлигин көрсетеди. Айырым жыллары үш ай қыс даўамында 63 күндеги күнлик ҳаўа температурасының 0,0 0С жоқары болған күнлердиң есапқа алынғанлығы, қыслап атырған зыянкеслерге дерлик нақолай тәсирлерин тийгизбегенлигинен дерек береди. Айырықша айтыў мүмкин, қыс айларындағы күнлердиң күнлик температурасының 0,0 0С жоқары болыў дәрежесиниң 2019-2020 жылларда 552 55 күни, 2021-2022-жылларда 43 күн, 2023-2024-жылларда 39 күн даўамында ҳаўа температурасының 0,0 0С жоқары болыўы, қыслап атырған зыянкес ҳәм олардың энтомофагларына кери тәсир етпегенлигинен толық тастыйықлап тур. Бақлаўға алынған 2015-2016-жыллардағы декабрь, январь, февраль айларында ҳаўаның орташа күнлик температурасының 10 0С төменлеген, минимал дәрежесиниң 15 0С пәске түскен күнлери есапқа алынбаған болсада, көрсеткишлердиң 2016-2017-жыллары, үш ай даўамында 4,4,29 күн, 20172018-жыллары 18,19,20 күн, 2018-2019-жыллары 2,3,42 күн, 2019-2020жыллары 0,0,55 күн, 2020-2021-жыллары 14,18,29 күн, 2021-2022-жыллары 1,2,43 күн, 2022-2023-жыллары 16,20,25 күн ҳәм 2023-2024-жыллары 5,4,39 күн даўам етиўи, көп жыллық орташаға салыстырғанда бираз жыллы қыс айлары есапқа алынғанлығы мәлим болды. Буның үстине, бәҳәр айлардағы ҳаўа температурасының турақлы түрде көтерилип барыўы, айтайық соңғы еки жыл даўамындағы жәнеде бираз қолайлылықлар пайда етти. Бул жыллардағы жәнликлер ҳәм кенелер түрлериниң қыслаўдан шығыўындағы ең қолай күнлер апрель айынан басланатуғынлығы есапқа алынған болсада, 2024-жылы март айының үшинши он күнлигиндеги орташа күнлик температураның 10,4 оС, 2925-жылы болса айдың екинши он күнлигинде 12,6 оС көтерилиўи ҳәм апрель айының биринши он күнлигине барып 13,5-20,0 оС дәрежесин көтерилиўи қыслап атырған барлық жәнликлердиң қыслаўдан ғалаба шығып, ерте бәҳәрден баслап раўажланыўына қолай шараят жаратып бергенлигин көрсетип тур. Бақлаўлар алып барылған еки жыл даўамындағы май айында ҳаўа температурасының 20,2-24,6 оС, июньда-28,8-26,8 оС, июльда 28,2-29,9 оС, августа-26,8-26,7 оС болғанлығы, аймақ шараятында тарқалған аўыл хожалық егинлери зыянкеслериниң жоқары дәрежедеги қолайлылықлар тәсиринен раўажланатуғынлығын толық тастыйықлап тур. Зыянкеслердиң қыслаўға таярланатуғын сентябрь айындағы ҳаўа темепратурасының 17,3-18,0 оС ҳәм қыслаў орнына кететуғын октябрь айында 9,3-12,5 оС болыўы, түрлердиң толық таярлықлар көрген фазаларында қыслаў орнына кетгенлигин билдиреди. Келтирип өтилген дәрежедеги пайда болған қолайлылықлар тәсиринен аймақ шараятында алдын ушыраспаға зыянкеслерден қаўын шыбыны (Myiopardalis pardalina Big.), помидор күйеси (Tuta absoluta), картошка күйеси (Phthorimaea operculella Zell.), ерик-қамыс шырынжасы (Hyalopterus pruni geoffr.), шабдал шырынжасы (Myzodes persicae Sulz.), мийўе өрмекши кеңеси (Tetranychus viennensis Zacher.), мийўе қоңыр кенеси (Bryobia redikorzevi 553 Reck.), ыссыхана аққанаты (Trialeurodes vaporariorum Westw.), ғаўаша аққанаты (Bemisia tabaci Genn.), Калифорния қалқанлысы (Quadraspidiotus perniciosus Conis), Комсток қурты (Psludococcus comstocki Kuw), фиолет реңли қалқанлы (Parlatoria oleae Colvee.) түрлери кең тарқалып егинлерге зыян келтирип атырғанлығы белгили болды. Жуўмақ ҳәм усыныс: Қарақалпақстан агроықлым шараяты жағдайында соңғы жыллардағы абиотикалық факторлар элементлеринен ҳаўа температурасының өзгерислериндеги характерли элементлеринен қыс айларының бираз жумсақ келиўи, вегетация дәўириндеги ҳаўа температурасы ҳәм пайдалы жыллылық муғдарының жеткиликли болыўы, аўыл хожалық егинлери биоценозында тарқалған зыянкеслериниң түрлери өзгерисине алып келип атырғанлығы менен әҳмийетли екенлиги тастыйықланды. Көрсетилген түрлерге қарсы алып барылып атырған гүрес илажларының пайдалылық таманларын жоқарылатыў, талап дәрежесине келтириўдиң тийкары, түрлердиң биоэкологияслық раўажланыў, динамикасы ҳәм келтиретуғын зыянлылық дәрежеси өзгешеликлерин анықлап алыў керек болады. Биринши нәўбетте, тәсир ететуғын абиотикалық факторлар элементлери үлеси тийкарында гүрес илажларын өткериўди жетилистириў ҳәм таза түрлерин ислеп шығыўды илимий-изертлеўлер тийкарында анықлап, өндириске усыныў усыныс етиледи. Пайдаланылған методик көрсетпелер: 1. Адашкеевич Б.П. Биологическая защита крестоцветных овощных культур от вредных насекомых.-Ташкент «ФАН»,1983. -188 с. 2. Доспехов Б.Д. Методикa полевого опытa (4-ое изд.). –Москвa: «Колос», 1986. –С. 25340. 3. Мaтмурaтов Ж. «Aгроклимaтические условия северо-зaпaдного Узбекистaнa». –Нукус «Кaрaкaлпaкстaн», 1989 –С. 25-151. 4. 4.Кимсанбоев Х.Х. Биолабораторияларда энтомофагларни кўпайтириш. –Тошкент: «Ўқитувчи», 2000. –Б. 3-32. 5. Танский В.И. Биологические основы вредоносноети насекомых-М: «Агропромиздат».- 1988-С 89-150 6. Хўжaев Ш.Т. Aгротоксикология aсослaри ҳaмдa тaдқиқот ўткaзиш қоидaлaри. – Тошкент: «Munis design group» МЧЖ, 2018. –Б. 4-132. 7. Хўжaев Ш.Т. Қишлоқ хўжалигида пестицидларни ишлатиш ҳамда тадқиқот ўтказиш усул ва шартлари. –Тошкент: «Zilol buloq» , 2020. –152 б.