47
«ҒӘРИП-АШЫҚ” ДӘСТАННЫҢ ЖЫЙНАЛЫЎЫ, ҚОЛЖАЗБАЛАРЫ,
БАСПАДАН ШЫҒАРЫЛЫЎЫ ҲӘМ ДӘСТАННЫҢ ҮЙРЕНИЛИЎИ
Есебаев Марат Матекович
НМПИ Қарақалпақ әдебияты кафедрасы доценти, ф.и.б.ф.д.(PhD)
DOI: h ps://doi.o g/10.5281/zenodo.17703410
Аннотация. Қорақалпоқ халқи ўзининг кечиб ўтган тарихи йўлида кўпгина бадиий халқ
оғзаки ижодини яратиб, авлоддан-авлодга, оғзаки шаклда, устоз шогирд йўли билан ва ёзма
китобий шаклда ҳам етказиб келди. Ушбу мақолада аждодларимиздан мерос бўлиб қолған
«Ғариб-очиқ» достонининг халқ оғзидан, бахшилардан ёзиб олиниши, йиғилиши ва нашрда чоп
этилиши урганилади. Ушбу бугунги фольклоршунослик илмида долзарб масалалардан бири
ҳисобланади.
Таянч сўзлар: достон, генезис, сюжет, мотив, фольклор, вариант, версия, образ, бақши.
Аннотация. На протяжении своего исторического пути каракалпакский народ создавал
множество художественных народных устных произведений, передавая их из поколения в
поколение, устно, через учителей и учеников, а также в письменной книжной форме. В данной
статье рассматривается запись, сбор и публикация эпоса "Гариб-ошик," унаследованного от
наших предков, из уст народа и сказителей. Это один из важнейших вопросов в современной
фольклористике.
Ключевые слово: эпос, генезис, сюжет, мотив, фольклор, вариант, версия, образ, бақши.
Anno a ion. Th oughou hei his o ical jou ney, he Ka akalpak people ha e c ea ed nume ous
a is ic olk o al wo ks, passing hem down om gene a ion o gene a ion, o ally, h ough eache s and
s uden s, and in w i en book o m. This a icle discusses he eco ding, collec ion, and publica ion o
he "Ga ib-oshiq" epic, inhe i ed om ou ances o s and passed down om he mou hs o he people
and s o y elle s. This is one o he mos impo an issues in mode n olklo e s udies.
Key wo ds: epic, genesis, plo , mo i , olklo e, a ian , e sion, image, bakshi.
Қарақалпақ фольклоры бир әсирдиң ғана жемиси емес, ал оның пүткил
тарийхы менен бирге жасап, пайда болып киятырған дөретпелер. Бул дөретпелер
узақ дәўирлер даўамында халықтың талабын қанаатландырып, оның мәпине
хызмет ететуғын көркем дөретпелер шын мәнисинде халық шығармалары болып
табылады. Қарақалпақ халқы өзиниң басып өткен тарийхый жолында көп ғана
көркем аўызеки дөретпелерин дөретип, әўладтан-әўладқа, аўызеки түринде устаз
шәкирт жолы менен ҳәм жазба китабый ямаса кәтиплер тәрепинен көширилип,
усындай ҳәр түрли усыллар менен жеткерип келинди. Қарақалпақ халқының
усындай бай халық аўызеки көркем дөретпелерин жыйнаў, жазып алыў ҳәм
үйрениў дүнья илимпазларының қызығыўшылығын өзине тартты.
XVIII әсирдиң орталарынан баслап орыс илимпазлары Орта Азия халықлары
ҳәм соның ишинде қарақалпақ фольклоры үлгилери менен қызыға баслайды. Олар
қарақалпақ халқының тили, фольклоры, тарийхы, этнографиясын изертлеў
48
жумысларын алып барды. Изертлеў барысында аўызеки әдебиятының гейпара
үлгилерин түп нусқасында жазып алып, сол түп нусқасында ҳәм орысша
аўдармасында бастырып шығарады.
Орыс изертлеўшилери Муравин ҳәм Гладышевлер 1770-1771-жыллары
Орскиден Хийўаға кетип баратырғанда жол бойы Сырдәрьяның бойында отырған
қарақалпақлар арасында этнографиялық жазыўлар жүргизеди. [1. 224.] 1750-
жылдың ишинде қарақалпақлар арасында болған П. Рычков қарақалпақ тарийхы
жөниндеги легендаларды, фольклорлық, этнографиялық материалларды жазып
алады. [2. 374.] 1857-1858-жыллары қазақтың белгили илимпазы Ш. Ўалийханов
қарақалпақлар арасында болып, бир неше фольклорлық шығармалар менен
“Едиге” дәстанын жазып алады ҳәм қарақалпақлардың қосықшылық өнерин
жоқары баҳалайды. [3. 186.] Художник, жазыўшы Н. Каразин «Ҳаял патшалығы
ҳаққында ертек» Шымбайда турыўшы бир кемпирден жазып алды ҳәм оны рус
тилинде 1875-жылы «Древняя и новая Россия» деген журналдың III томында
бастырып шығарады. [4. 15-16.] 1862-жылы профессор Березин “Едиге” жырын
ҳәм бирнеше фольклорлық материалларды бастырып шығарады. [5. 207] 1872-
жылы қарақалпақлардың арасында болып изертлеў жүргизген Риза-Кули Мирза
қарақалпақ фольклоры, этнографиясы жөнинде бир қанша мағлыўмат береди. [6.
237.]
XX әсирдиң басларына келип рус ҳәм жергиликли илимпазлар тәрепинен
қарақалпақ халқының тарийхы, мәденияты, социаллық турмысы этнографиясы
менен бирге жасап киятырған фольклорлық материалларын жыйнаў, әсиресе,
солардың ишинде, жыраў-бақсылардан дәстанларды жазып алыў ислери қызғын
алып барылды.
Қарақалпақлар арасында кең таралған «Юсуп ҳәм Ахмет» дәстанларының
Хорезм варианты венгер тюркологи Х. Вамбери тәрепинен оның «Чигатай
этюдлары» мийнетинде немец тилине аўдарылып 1911-жылы бастырып шығарады.
[7. 427.]
Қарақалпақ халық аўызеки әдебиятының үлгилери биринши мәртебе жазып
алынып ҳәм жыйнала баслады ҳәм ҳәр түрли баслымлерда шығарып жәриялап
барды. Дәслепкилерден болып фольклорист-этногроф А.А.Диваев (1858-1935)
Әмиўдәрья бөлиминиң начальниги К. И. Разгонов арқалы сол ўақыттағы Төрткүл
волосында жасаўшы қарақалпақ жыраўы Жийемурат Бекмухаммедовтан
«Алпамыс» дәстанын жазып алады. А. А. Диваев 1901-жылы Ташкентте
қарақалпақ ҳәм рус тиллеринде бастырып шығарады. [8. 40.] Шамуратов тәрепинен
1939-жылы Қуламет жыраўдан «Шәрьяр» дәстаны жазып алынды ҳәм 1940-жылы
49
бастырылып шықты. [9. 24-25.] Қурбанбай жыраўдан «Қырқ қыз», «Қурбанбек»,
«Шийрин Шекер», «Ер қосай», «Ҳажы гирей» дәстанларын ҳәм Әбдимурат
жыраўдан «Мәспатша» дәстанын, Қаражан бақсыдан «Дәўлетиярбек» дәстанларын
жазып алған. [10. 97.]
Н.Дәўқараевтың мийнетинде қарақалпақ халық аўызеки әдебиятын жыйнап
алыўда рус алымларының мийнетин жоқары баҳалайды. Қарақалпақ халық аўызеки
дөретпелерин соның ишинде халық дәстанларын жыйнаўға үлкен итибар береди.
Ол өз мийнетинде: «А. Россикова Төрткүлде ҳәр түрли адамлардан жазып алған
бирнеше қарақалпақ ертеклерин 1901-жылы рус тилинде бастырып шығарады.
1905-жылы профессор Мелиоранский «Едиге» жырының қырғызша-қарақалпақша
вариантын бастырып шығарады. 1913-жылы А. А. Беляев Төркүл, Нөкис, Шымбай,
Қоңыратта болады. «Едиге», «Қоблан», жырларын, «Шежирени» ҳәм басқа да
толып атырған фольклорлық материалларды жазып алады. Булардан «Едиге
жырын, «Шежирени» ески араб алфавити менен қарақалпақ тилинде, «Қобланның»
қысқаша мазмунын рус тилинде 1916-1917-жаллары Ашхабадта бастырып
шығарады». [11. 29.] Бул халық дәстанлары ҳәм халық аўызеки дөретпелери жазып
алынып, баспада жәрияланыўы жағынан үлкен әҳмийетке ийе болды. Себеби,
дәстан сол дәўирдеги жыраўлардың жанлы атқарыўшылық шеберлигин сөйлеў
тилин үйрениўде ҳәм халық мәденияты менен турмысын, үрп-әдетлерин ҳәм халық
дәстүрлерин үйрениўде бай мағлыўматлар береди.
1934-жылы Моквада Жазыўшылар аўқамының биринши съезди өтилиўи
менен онда М.Горькийдиң баянатында ҳәм съездеги шығып сөйлеген сөзинде
«миллетиң азы-көби талантың сапасына тәсир етпейди… майда миллетлердиң де
дүньяға белгили көркем шығармалар бергенлери көп… өз фольклорыңызды
жыйнаңлар, сақлаңлар, көркем сөздиң сағасы фольклорда… Сулайман
Стальскийдей халық талантларына ғамқорлық қылыңлар» [12. 34.] - деген гәплери
Қарақалпақстанда да миллий мийрасқа ҳүрмет пенен қараўға ҳәм оларды жыйнаўға
үлкен имканиятлар есиги ашылды. 1929-30-жыллары жоқ етилген миллий жазба
мийрасларды ел ишинен қайтадан жыйнаў, жазып алыў, және де жергиликли баспа
сөзлерде жәриялаў басланды. Соның ишинде миллий дәстанларымызды бақсы,
жыраўлардан жазып алыў ҳәм оларды баспада басып шығарыў күнниң актуаль
мәселелерине айланды.
Усындай халық дәстанларын жыйнаўда Н.Дәўқараев, А.Бегимов, Қ.
Айымбетов, О.Кожуров, Н.Жапақов, Ә.Шамуратов, Х.Тәжимуратов, С. Мәўленов,
Ш. Хожаниязовлардың басламасы менен фольклорлық үлгилердин ҳәм
революцияға шекемги шайырлардың дөретпелерин жыйнаў қолға алынды.
50
1930-жыллары Н. Жапақов, С. Мәўленов пенен бирге «Қоблан» дәстанын
Есемурат жыраўдан жазып алып, 1941-жылы бастырып шығарды. Қ. Айымбетов
атақлы Өгиз жыраўдан 1934-жылы «Алпамыс» ҳәм Ерполат жыраўдан «Едиге»
дәстанларын жазып алып, 1937-жылы биринши рет Москвада бастырып шығарды.
Н. Жапақов тәрепинен «Халық ертеклери ҳәм қосықлары» деген фольклор
үлгилери бастырылып шығарылды. Ә. Шамуратов тәрепинен 1939-жылы Қуламет
жыраўдан «Шәрьяр» дәстаны жазып алынды ҳәм 1940-жылы бастырылып шықты.
[13. 24-25.] Сондай-ақ, дәстанларды ҳәм басқада халық аўызеки әдебиятына
тийисли болған материалларды жыйнаўда көп мийнет еткен С. Мәўленов пенен Ш.
Хожаниязовлар қарақалпақстан аймақларында көп экспедицияларда қатнасып олар
Қурбанбай жыраўдан «Қырқ-қыз», «Қурбанбек», «Шийрин Шекер», «Ер қосай»,
«Ҳажы гирей» дәстанларын ҳәм Әбдимурат жыраўдан «Мәспатша» дәстанын,
Қаражан бақсыдан «Дәўлетиярбек» [14. 97.] дәстанларын жазып алған. Буннан
басқа 20 дан аслам халық дәстанларын жазып алғанлығы мәлим.
Қарақалпақ халық дәстанларының бир түри «ашықлық» яғный лиро-эпикалық
дәстанлар. Бул дәстанлар қарақалпақ халқы арасында әзелден кең таралып,
оқылып, атқарылып киятырған дәстанлардың бири болып есапланады. «Ғәрип-
ашық» дәстаны қарақалпақлар арасында аўызша ҳәм китабый, қолжазба көширме
ҳәм тағы басқа да түринде таралып келген.
Қарақалпақ әдебияттаныў илиминиң тийкарын салыўшы Н. Дәўқараев өзиниң
50-жылларда жазып питкерген «Қарақалпақ әдебияты тарийхының очерклери»
деген изертлеўинде Мысалы: «Қарақалпақлар арасында Ташкент, Самарқанд,
Қабулда, Бухарада басылып шыққан китаплар тарала баслайды. Булардың ишинде
«Юсип-Ахмет», «Ғәрип-ашық», «Саятхан-Ҳамра», «Ҳүрлиха-Ҳамра», «Гөруғлы»,
«Юсуп-Злейха» қусаған дәстанлар менен бир қатар Наўайы, Физулий, Машраб,
Мақтумқулы, қусаған шайырлардың шығармалары да тарала баслайды. Бул
дәстанлар қарақалпақлар арасына XVII әсирден кейин, әсиресе XIX әсирдиң
ишинде түркменлер, хорезм өзбеклери арқалы баспа түринде ямаса қолжазба
түринде таралған. Қарақалпақ бақсылары қарақалпақ халқының жағдайына
ыңғайластырып өзлеринше өзгерислер киргизип айтқанлығын атап өтеди. Бул
дәстанлардың көпшилигин бақсылар қарақалпақлардың арасында XIX әcирдиң
ишинде узақ жасаған түркменлердиң атақлы бақсысы Сүйеўден ҳәм хорезмли
өзбек Ешбай бақсыдан үйренген, солардың стили менен айтады» [15. 223-224.] -
деп жазады. Бизге тийкарынан дәстанлар жыраўлар, бақсылар, қыссақанлар ҳәм
айырым қатықулақ адамлар арқалы жетип келди. Дәстанның дөреген ҳәм таралған
географиялық территорияда басқа халықлар менен әзелден бирге жасап киятырған
51
қарақалпақ халқының да «Ғәрип-ашық» дәстанының дөрелиўи менен
қәлиплесиўинде теңдей үлесиниң бар екенлиги айқын көзге түседи.
Дәстанның ҳәзирги қолда бары тоғыз нусқасы жазып алынғын. Мысалы:
Дәстан 1960-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик баспасында Х. Тәжимуратов
тәрепинен таярланып жарық көрген нусқасы жетилискен варианты деўге болады.
Х. Тәжимуратовтың ескертиўине қарағанда бул нусқаны 1930-1934-жыллары
атақлы бақсы Ещан Қосполатовтан жазып алған. Оған қосымша сол ўақытлары
лапызы ҳәм қысса оқыў манерасы менен көпшиликке танылған Балтабай қыссахан
дегенниң қол жазба нусқасынан да пайдаланылған. [16.124.] Өзбекстан Илимлер
Академиясы Қарақалпақстан бөлими, китапханасының қол жазба фондында
қарақалпақ бақсыларынан жазып алынған, соның менен бирге қол жазба ҳалында
тараған «Ғәрип-ашық», «Саятхан-Ҳәмире», «Ашық-Нәжеп» дәстанларының
бирнеше вариантлары сақланады. Мысалы, «Ғәрип-ашық» дәстанының белгили
қарақалпақ бақсылары Жапақ Шамуратов, Әмет Тарийхов, Нарбай Көшекеновтан
жазып алған үлгилери, қысса ҳалындағы қарақалпақ кәтиблери көширип қайта
ислеген Нөкис қаласында турыўшы Абутов Ҳәбибназардан, К. Медетовтан,
сондай-ақ Қоңырат районында жасаўшы Балтабаев Юлдаштан алынған нусқалар
жүдә баҳалы материаллар екенин айтыў керек. [17. 263.]
Халық аўзында дәстанның көп нусқалары болған бирақ тилекке қарсы
булардың барлығын жыйнап жазып алыўдың илажы болмаған. Деген менен бар
мүмкиншиликтен пайдаланып тек 9 варианты жазып алынған. Солардың 3
варианты баспада басылып халыққа инам етилди. Дәстанның ҳәзирги қолда бары
тоғыз нусқасы жазып алынғын. Мысалы: Дәстан 1960-жылы Қарақалпақ
мәмлекетлик баспасында басылып шықты. Х. Тәжимуратов тәрепинен таярланған
ҳәм 1930-1934-жыллары атақлы бақсы Ещан Қосполатовтан жазып алған. Усы
вариант «Ғәрип-ашық ҳәм Саятхан-Ҳамра» дәстаны менен қосылып 1985-жылы
қайта басылып «Қарақалпақ фольклоры» ның XIV томында шықты. [18.136.]
Қарақалпақ фольклорының 27-42 көп томлығында, Нөкис «Илим» баспасы 2011-
жалғы басылымында «Ғәрип-ашық» дәстанының Амет Тарийхов вариантын Н.
Камалов 1959-жылы жазып алған.
Усыннан кейинги 57-66 көп томлығы, Нөкис «Илим» баспасы 2013-жалғы
басылымында «Ғәрип-ашық» дәстанының Қазы Мәўлик варианты басылып
шықты. 1927-жалы жазып алынған, араб имласынан көширген А. Ҳәбибуллаев.
Ҳәзир усы үш вариант баспада басылып шықты ҳәм қалған алты варианты
Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими, китапханасының қол
жазба фондында сақлаўлы турыпты.
52
Еле баспада басылып шақпаған 6 варианты бар ҳәм редакорланып баспаға
таярланғанлығы менен қол жазба фондында сақлаўлы тур. Бул қолжазба 1955-
жылы Рейим Қайыпназаров тәрепинен «Ғәрип-Шасәнем» деген атама менен жазып
алынған. 2004-жылы Баўетдинова Сәпиўра тәрепинен баспаға таярланған.
Нагимов Кәрим жыраўдаң қызы Замираның қолында сақланған вариантының
көширмеси С.Баҳадырова тәрепинен жазып алынған. К.Медетов варианты бар
баспаға таярлаған А.Календерова. Нарбай Кошекенов варианты 1911-жылы жазып
алынған. Жапақ бақсы Шамуратов варианты А. Жамалов тәрепинен жазып алынған
варианты ҳәм Хабипназар Абутов вариантлары баспаға таярланыўы менен қалып
кеткен.
Жуўмақлап айтқанда, усындай уллы бақсылардыӊ минсиз хызметлери арқалы
халық дәстанлары, халық намалары, халық қосықлары болған миллий мәдений,
әдебий, тарийхый мийрасларымыз сақланып қалынды. Бул дәстанлар белгили
пидайы илимпазларымыз тәрепинен бақсы, жыраўлардан ўақтында жазып алынып,
баспада басып шығарылды ҳәм илимий айланысқа түсирилди.
Пайдаланылған әдебиятлар:
1. Муравьев Н. Н. Проезды из Орска в Хиву и обратно совершенная в 174-41 гг. Гладышевым и
Муравиным издана Н. В. Ханыковым. Спб. 1851 г. стр. 224
2. Рычков П. “История Оренбурской губернии. Журнал “”Сочинения и, переводы” 1759.
3. Валиханов Ч. Сочинения, изданные под редак. Н. И. Веселевского «В записках русского
геграфического общества по отделению этнографии». Спб, 1904, т. XXIX. стр. 374.
4. Мақсетов Қ. Қарақалпақ халқының көркем аўызеки дөретпелери, Нөкис «Билим» 1996. 15-16.
б.
5. Березин. «Турецкая хрестоматия», 1862. стр. 207.
6. Риза-Кули-Мирза. «Краткий очерк Аму-Дарьинской области», Ташкент, 1891. стр. 237.
7. Вамбери Г. А. 1867, VIII, 360, 7 XIII 3/16 (в библиотеке им. С. Щедрина). стр.427.
8. Диваев А.А. Алпамыс батыр. Сборник материалов для статистики Сыр-Дарьинской обл. том
X. Ташкент, 1901.стр. 40.
9. Мақсетов Қ. Қарақалпақ халқының көркем аўызеки дөретпелери. Нөкис, «Билим» баспасы,
1996. 24-25.б.
10. Мақсетов Қ. Қарақалпақ фольклористикасы. Нөкис, «Қарақалпақстан» баспасы 1989. 97. б.
11. Дәўқараев Н. Шағармаларының толық жыйнағы 2-том, «Қарақалпақстан» баспасы. Нөкис.
1977.29.б.
12. Пахратдинов Ә, Алламбергенов К, Бекбергенова М. XX әсир қарақалпақ әдебияты тарийхы.
Нөкис, «Қарақалпақстан», 2011. 34.б
13. Мақсетов Қ. Қарақалпақ халқыныӊ көркем аўызеки дөретпелери. - Нөкис «Билим», 1996. 24.б.
14. Мақсетов Қ. Қарақалпақ фольклористикасы “Қарақалпақстан” баспасы 1989. 97.б.
15. Мақсетов Қ. Дәстанлар, жыраўлар, бақсылар. Нөкис “Қарақалпақстан” 1992. 223-224. б.
16. Алымов А. Қарақалпақ лиро-эпикалық дәстанлары. –Нөкис: «Қарақалпақстан», 1983. 124. б.
17. Мақсетов Қ, Тәжимуратов А. Қарақалпақ фольклоры Нөкис “Қарақалпақстан” баспасы 1979.
263. б.
18. Мақсетов Қ. Қарақалпақ фольклористикасы “Қарақалпақстан” баспасы 1989. 136. б.