71
СОМАТИКАЛЫҚ ФРАЗЕОЛОГИЗМЛЕРДИҢ ТАРИЙХЫЙ
ЕСТЕЛИКЛЕРДЕГИ АҢЛАТЫЛЫЎЫ
С.Шынназарова
филология илимлериниң кандидаты,доцент
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты
DOI: h ps://doi.o g/10.5281/zenodo.17703446
Резюме. Мақолада қорақалпоқ тилидаги соматик фразеологизмлар анализ қилинган.
Эталонлар,лингвокультуремалар,метафоралар ва фразеологизмларнинг лингвокультурологик
бирлик эканлиги илмий далилланган. Фразеологизмларнинг тиллик хизматлари ҳақида илмий
хулосалари берилган.
Калит сўзлар: соматик фразеологизмлар, семантика, эмоциональ ва экспрессив хизмати,
эталон, экстралингвистик фактор, миллат ва маданият, кумулятив, лингвомаданиятшунослик.
Резюме. В статье анализируется соматическая фразеология в каракалпакском языке.
Научно доказано, что стандарты, лингвокультуремы, метафоры и фразеологизмы являются
лингвокультурологическими единицами. Даны научные выводы о лингвистической службе
фразеологизмов.
Ключевые слова: соматические фразеологизмы, семантика, эмоционально-экспрессивная
служба, эталон, экстралингвистический фактор, нация и культура, кумулятив,
лингвокультурология.
Summa y. The a icle analyzes soma ic ph aseology in he Ka akalpak language. I has been
scien i ically p o en ha s anda ds, linguocul u emes, me apho s and ph aseological uni s a e
linguocul u ological uni s. Scien i ic conclusions abou he linguis ic se ice o ph aseological uni s a e
gi en.
Key wo ds: soma ic ph aseological uni s, seman ics, emo ional and exp essi e se ice, s anda d,
ex alinguis ic ac o , na ion and cul u e, cumula i e, linguocul u ology
Тәбияттағы қубылыс, ҳәрекет өзгерислерди денесине, дене мүшелерине
салыстырыў, аңғарыў арқалы белгили жуўмақ шығарған. Бул, әлбетте, тиллик
бирликлерде дене мүшелерине қатнаслы бирликлердиң дәслеп сөз формасында,
еркин сөз дизбегинде, соңын ала турақласыўына алып келген. Сол себепли де,
тилимизде турақласқан соматикалық бирликлер, теңеўлер, перифразалар,
метафоралар қәлиплесип барыў менен, тилимизге терең енисип, сиңисип кеткен.
Адам баласы өз саналы өмири даўамында, ертеден инсаният тарийхының
раўажланыўы менен ең дәслеп дөгерек-әтирапындағы нәрселерди аңлаған,
билген,түсиниклеринде ең дәслеп өзин, өз денесин танып билген. Мысалы, муштай
бала ( көриниси, жасы киши бала), туўысқан – ет пенен тырнақ, көз бенен қастай
жақын (туўысқаншылық, жақынлық), шаппаттай (киши жастағы бала) сыяқлы
турақласқан бирликлердиң пайда болыўында да қандай да уғымды салыстырыў,
уқсатыў, мөлшерин билиў, ара қашықлығы, жақынлығы я узақлығын аңлаў сыяқлы
72
мәнилерди аңлаймыз. Демек, адамзат қәлиплесиў басқышларында мийнет пенен
шуғылланған, бир-бириниң пикирлерине қосымша өз реакцияларын билдирген,
бул да өз гезегинде, тиллик ассоцияциялардың жүзеге келиўине себепши болады.
Сонлықтан, қандай да пикирди бир-бирине образлы, тәсирли жеткериўге өз-өзинен
мүтәжлик сезиледи. Бул жағдай соматикалық фразеологизмлердиң де қәлиплесип,
қатарының толығып барыўында белгили әҳмийетке ийе деп баҳалаўға болады.
Ҳәзирги дәўирде антропоцентризм жөнелисиниң раўажланыўы менен
қурамында соматикалық бирликлери бар болған фразеологизмлерди изертлеўге
айрықша дыққат бөлинбекте. Тил элементлери өз ара тығыз байланыслылықта.
Усы байланыслылық бир тутас системаны пайда етеди. Усы системалардың бири
фразеологиялық система болып, онда тиллик нызамлылықлар арқалы соматикалық
фразеологизмлерди бөлип алып изертлеў арқалы оның бүгинги күнге шекем
ашылмаған тың тәреплер тиллик илимий баҳа бериў арқалы лингвомәдений
тәреплериниң илимдеги баслықларын толтырыў, машқалалы сораўлар жуўап ҳәм
шешимлер табыўдан ибарат болып есапланады.
Тил өз қурамында пикир, ойды жеткериў менен бирге мәдениятты да жеткерип
беретуғын қурал. Халықтың миллий сана-сезимин аңлатыўда соматикалық
фразеологизмлер де белгили хызметти атқарады. Дене мүшелери қайсы тилде
болмасын ең ески лексикалық қатламынан орын алады. Мысалы ерте дәўир (V-VI
әсирдиң) естеликлери Орхон-Енисей жазба естеликлеринде адам мүшелерине
байланыслы: ағыз-аўыз, йүрек-жүрек, көкуз-көкси, адақ-аяқ (Мог.30), арқа (Тон.5),
беш-бес (кт4), бой-бой, дене (тон 4), янақ-жақ (Мог.12), көңил (ктм,12), көз (Мог.2),
қулғақ-қулақ (Мог.12), сүңүк – сүйек (КТ 24), сач (Мог.1), ед – ет (Мог.29), тиз -
дизе (КТ.26), тил – тил (Тон.56), қан (Тон, 52), қаш – қас (Е, 26) [1.31]. тағы басқа
да сөзлер ушырасса, ал Махмуд Қашқарийдиң «Девону луғатат түрк»
шығармасында да: азäқ – аяқ (96-б.), ашуқ – тобық (97-б.), öзäк – белдиң ишки
бөлегиндеги тамыр (101-б.), Ӭliг – қол, оң ӭliг – оң қол (102-б.), ӭрiн – ләби, ерни
(106-б.), ағруғ – ағруғ сӧңүкi – омыртқа сүйеклериниң бириншиси (123-б.), узлуқ –
билек сүйегиниң жуўан жери (124-б.), ÿмгÿк (балалардың басындағы жумсақ жери)
(134-б.) [2.498]., öпкä – өкпе (148-б.), ӭңäк – еки тәрептеги жақ, аўыздың еки шети
(154-б.) ҳәм басқа да көплеген соматикалық бирликлер берилген. Асан Бахти
түркий тилин ески шумерлер ҳәм скифлердиң тили менен салыстырып қарап, бир
қатар сөзлердиң уқсаслығын төмендегише көрсетеди.
Шумер тилинде: заг – жақ, бүйир, түркий тилинде: зағ, жақ, джақ – жақ,
бүйир; шумер тилинде: емек – тил, түркий тилинде емек – емук – тил; ши (зи) өмир;
жан, түркий тилинде щи (чи, джи, зи) адам мәнисин беретуғын қосымта (улыўма
73
түркий тилге тән) (бул жерде шы/-ши адам мәнисиндеги атлық сөз жасаўшы
аффикс нәзерде тутылған: балық – балықшы, суў – суўшы (С.Шынназарова);
шумер тилинде гештук – қулақ, түркий тилинде ештук – еситилетуғын
қубылыс.[3.55].
Демек, бул орында түркий тилиндеги қолланылатуғын дене мүшелериниң
атамалары өз келип шығыўы бойынша ең ески лексикалық қатламға
киретуғынлығын усы сыяқлы бирликлер дәлиллейди. Демек, қарақалпақ тилиндеги
гештек – жаслардың бәзим отырыспағы атамасы, усы ески шумер тилинен түркий
тилине өткен түп мәниси гештук – еситиў (қулақ) – гештек сыяқлы бирликке
аўысқанын, ал гештекте ойын-заўық қулақ арқалы еситилиў хызметине қарай
этимологиялық жақтан түпкиликли формасы менен тиккелей байланыслы, деп
есаплайды.
Демек, дене мүшелери атамаларының ең ески тиллик қатламға кириўин есапқа
алсақ, тилдиң қәлиплесиўи барысында соматикалық үзликсиз қолланылыўда
болғанлығын мойынлаў мүмкин.
Тил билиминде дене мүшелери атамалары грек тилиндеги (сома - дене)
атамасы менен байланыслы болып, илимий изертлеўлерде бул термин соматикалық
бирликлер, соматизм – адам дене мүшелери атамалары түсиниги менен белгили.
Дене мүше атамалары барлық тиллерде де жеке түринде де, фразеологизмлер
қурамында да өнимли түрде ушырасады. Соматизмлер көп мәнили сөзлерди,
метафораларды, жаңа сөзлерде жасай алыў имканиятының кеңлиги менен
ажыралып турыўы менен биргеликте фразеологизмлерде доминанта болып келеди.
Демек, соматизмлердиң тилде жедел қоллана алыў мүмкиншилиги – усы тил
бирликлериниң хызметине қатнаслы. Себеби, адам баласы ең дәслеп инсанияттың
саналы өмирге қәдем басыўында дене мүшелериниң жәрдеми арқалы дәслеп өзин
өзи танып, аңлап биле баслайды. Денесин фразеологиялық танып билиў арқалы,
усы соматикалық бирликлерди, дене мүшесиниң атамасын, сыртқы тәбийий
тәсирди (суўық, ыссы, ығаллыққа бейимлиги ҳәм басқа да реакцияларын)
әтирапындағы өзин қоршаған дүнья менен салыстырмалы түрде баҳа бериўи
нәтийжесинде бул атамалар, әсиресе, тек денотативлик семада емес, ал
коннотативлик семада тиллик айланысқа түсе баслайды.
Нәресте дүньяға келип дөгерегиндеги затларды суў, нан, ата-анам деп таныўы
менен бирге, өз физиологиялық дене қурылысын мынаў – қол, бас, аўыз, көзим
сыяқлы өз аты менен танып биле баслайды. Ал, фразеологизмлер қурамында дене
атамалары образлылықты пайда етип, мәнилик жақтан түрлене алады.
74
Ә.Болғанбаев қазақ тилиндеги дене мүшелери атамалары қатнасқан
фразеологизмлерди «анатомиялық атаўларға байланыслы фразеологизмлер» деген
атама менен береди ҳәм қазақ тилиниң көп томлық түсиндирме сөзлигинде 4200
фразеологизмлердиң киргенин белгилеп көрсетеди. Илимпаз дене мүше атамалары
менен келген фразеологизмлерди бес топарға бөлип: бас мүшелер, қол мүшелери,
геўде – сыртқы мүшелер, ишки мүшелер, аяқ мүшелери деп қарастырады.[4.132].
Соматизмлик бирликлер қарақалпақ тилинде әсиресе, көп мәнили сөзлер,
метафоралар қурамында метафоралардың пайда болыўында да тирек лексема
хызметин атқарады.
Соматикалық фразеологизмлер барлық тиллер ушын универсаллық сыпатқа
ийе. Мысалы, рус тил билиминде дене мүшелери лексемасының сөзлик
дефинициясына «адам органы ушын ҳәм оның сыртқы көриниси», адам корпусы
(тулғасы – С. Шынназарова.) [5.134]., «Адам ҳәм ҳайўанатлар, олардың физикалық
формасы, организмниң бөлимлери, бас бөлимнен басланыўы ҳәм жуўмақланған
бөлими» [6.793]. деп анықлама береди. Сондай-ақ, рус тили лексикасында адам
дене мүшеси атамасы 74 лексема менен берилип, соннан 59 дене мүшеси атамасы
фразеологизмлер қурамында соматикалық компонентлер арқалы билдирилиўи де
атап көрсетилген. Қарақалпақ тилинде де, әдетте лексикамызда соматизмлер
(буннан былай дене мүше атамалары) өнимли түрде ушырасады.
Қарақалпақ тилиниң төрт томнан ибарат түсиндирме сөзлиги көлеминде жеке
түринде қолланылатуғын соматизмлерди ҳәм фразеологизмлер қурамында
қолланылмайтуғын фразеологизмлерди салыстырғанымызда, ҚТТС да улыўма
төрт томының бәринде жәми 195 соматизм қолланылып, соннан 150 и
фразеологизмлер қурамында ушырасатуғынлары, ал 45и фразеологизмлер
қурамында қолланбайтуғынлары, жеке түрдеги өз тийкарғы номинативлик (атаў)
семасында қолланылатуғынлары болып есапланады. Дене мүшелери атамалары тек
адамға тийисли болып қалмастан, ол ҳайўанат дүньясына да тийисли ортақ
бирликлер болып саналады. Айырым ўақытларда ҳайўанат дене мүшелери менен
адам мүшелери атамаларында бирдейлик, яғный бирдей формада айтылыўы,
жазылыўы, бирдей мәни аңлатылыўы сыяқлы уқсаслық болғаны менен, дерлик
көпшилик жағдайда ҳайўанатлардың денесиниң физиологиялық
өзгешелиги,жаратылысы, тәбиятқа бейимлесиўи (жүзиўи, ушыўы, жер баўырлап
жүриўи ҳәм т.б. да баслы белгилерине қарап) пүткиллей басқаша лексемалар
менен, өз ара уқсамайтуғын бирликлер менен аталыўы да ушырасады. Мысалы:
бас, көз, аяқ, қан, сүйек, бел, тамыр, қулақ, мурын сыяқлы дене мүшелери
атамалары адамларға да, ҳайўанатларға да ортақ болса, ал адамларда
75
ушыраспайтуғын, тек ҳайўанатлардың өз физиологиялық дүзилисинен келип
шығып қолланылатуғын: ири мал түрлеринде: ҳәўке, туяқ, ултабар, қырыққат,
мүйиз, қылшықлы териси, шуўы (жолдасы, сарпайы), узын қуйрықлары, түйеде:
өркеши, жылқыда: жалы, қусларда, мысалы таўықта: жемсек, думғоза, қанаты,
пәри; балықта: қалашлары, сағақ, уйқулағы, паңқылдаўығы, уўылдырығы;
жыланда: кеби, уўлы тиси ҳәм басқа да өзине тән дене мүшелерине ийе екенлиги
ҳәм адам дене мүшелеринен парықланыўы көзге тасланады. Сонлықтан да,
соматизмлер атамасы улыўма тил билиминде ҳайўанат дене мүшеси атамалары
емес, ал адам дене мүшелери түсинигинде кең танымалылыққа ийе. Ҳайўанат
денеси мүшелери атамалары болса адам дене мүшелери атамалары менен
улыўмалық характерге ийе болыўы менен бирге, тил илиминде фауна атамалары,
жәнўарлардың дене мүшеси атамалары анималистлик бирликлер деп аталса, ал
қурамында ҳайўанат дене мүшелери атамалары менен келген фразеологизмлердиң
Т.Ж.Мықтыбаева: «зоосемизм», «зоофразеологизм», «фразеонимлик единицалар»,
«фауналық атамалар», «зоонимли-анималлы фразеологизмлер», «фразеологиялық
зоонимлер», жән-жаныўарлар атамаларына байланыслы фразеология сыяқлы ҳәр
түрли терминлер менен берилмекте» [7.11]. - деп көрсетеди. Демек, тил илиминде
соматикалық фразеологизмлер адам дене мүшеси атамасы тирек сөз сыпатында
қатнасыўынан жасалған фразеологизмлер.
Тилдиң фразеологиялық қоры, солардан соматизмлик фразеологизмлер де
лингвокультурологияның қурам бөлеклеринен болып табылады. Бул ҳаққында
Ш.Абдиназимов ҳәм Х.Толыбаев: «Тилдиң фразеологиялық байлығы халық
менталитети, мәденияты жөнинде бай мағлыўматларды усынады. Оларда
халықтың тарийхы, миф, үрп-әдетлер, мәресим ҳәм руўхыйлығы туўралы көз
қараслары өзгермей сақланған болады» [8.64].
Демек, соматикалық фразеологизмлер де эталонлар, паремиялар,
стереотиплер, символлар, метафоралар, образлар, ритуаллардың қаратында
лингвокультурологияның предмети болып саналады. Сондай-ақ, бул мийнетте
И.Юсуповтың қосық қатарларындағы фразеологизмлерден адам мүшелерине
байланыслы соматикалық фразеологизмлерден айырымларын қарақалпақ
халқының миллий дәстүрлерине байланыслы лингвокультуремалар деп көрсетеди.
Мысалы: Аўыз тийиў фразеологизми – нан, аўқаттың шетинен аўыз тийиў ҳәм
қонақ, мийман болыў мәнисин билдириўи, диз шөгиў – фразеологизми арқалы
халықтың мың жыллық ядында сақланып киятырған патша ҳәм ханлардың алдында
диз шөгип арзын айтыўы, ғарға тамыр – фразеологизминде түркий халықларының
туўысқанлығының тереңлиги, ал белине белбеў буўыў – фразеологизминде
76
ғаррыларға шапан жабыў ҳүрметлеў түсиниги менен бирге оларға қолқанат болыў,
жәрдем бериў семалары жәмленгенлигин көрсетеди. Ҳақыйқатында да, бул
фразеологизмлерде қарақалпақ халқының миллий үрп-әдет дәстүрлери,
қәдириятлары, сана-сезими өз көринисине ийе. Бул сыяқлы миллий мәдениятымыз,
халықтың диний исенимлери менен байланыслы болған соматикалық
фразеологизмлерден көплеп мысаллар келтириўге болады. «Аўзын жаман жерден
тескен –ретсиз сөйлейди, пәтиўасыз» [9.20] деп берилген түсиникте тек
қарақалпақ халқының емес, ал улыўма мусылман халықларының
көзқарасларындағы улыўмалықты көриў мүмкин. Себеби, адам баласы, оның
мүшелери жаратыўшы тәрепинен жаратылғанлығы, адам аўзының өз орнында
емес, ал орны басқа жерден жаратылды деген пикирде оның орынсыз, уятсыз
сөзлерди сөйлеў жағдайы нәзерде тутылған.
Жуўмақлап айтқанда, демек ҳәр қандай халыққа, миллетке тән болған миллий-
мәдений өзгешеликлер, ең дәслеп сөзлерде сәўлеленеди. Ал,белгили түсиникти
аңлататуғын сөзлер, фразеологизмлер тил ийелери санасында қәлиплескен
түсиниклердиң ең зәрүр, әҳмийетли тәреплерин көрсете алыў имканиятына ийе.
Әдебиятлар
1. Abdinazimo Sh. Qa aqalpaq ili a iyxı. – Nókis: Qa aqalpaqs an, 2014. – B. 31. .
2. Махмуд Кошғарий. Девону луғатит турк (С.Муталлибов редакторлығында). – Т.: Ўзбекистон
ССР ФА, 1960. – 498 б.
3. Бахти А. Шумеры, скифы, казахи. – Алматы, 2004. – С. 55.
4. Болғанбаев Ә. Анатомиялық атаўларға байланысты фразеологизмдер // Қазақ тілінің
түсіндірме жасау тәжірибелери. – Алматы: Ғылым, 1989. – Б. 105-132.
5. Бергсон А. Собрание сочинений. Т. I. – М., 1992. – С. 134.
6. Ожегов С.И., Шведова Н.Ю. Толковый словарь русского языка. – М., 1999. – С. 793.
7. Мықтыбаева Т.Ж. Қазақ және ағылшын тілдеріндегі анималистік фразеологизмдердің
коннотативтік семантика: Филол. ғыл. … канд. дис. – Алматы, 2005. – Б. 11.
8. Абдиназимов Ш., Толыбаев К. Лингвокультурология. – Нөкис: Қарақалпақстан, 2020. – Б. 64.
9. Пахратдинов Қ., Бекниязов Қ. Қарақалпақ тилиниң фразеологизмлер сөзлиги. – Нөкис:
Қарақалпақстан, 2018. – Б. 20.