63
«АЛПАМЫС» ДӘСТАНЫНДАГЫ МИЛЛИЙЛИКТИ ЖЕТКЕРИП
БЕРИЎДЕ АЎДАРМАШЫНЫҢ ШЕБЕРЛИГИ
Taжигалиева М.Т.,
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
DOI: h ps://doi.o g/10.5281/zenodo.17712273
Аннотация. В данной статье представлен перевод эпоса «Алпамыс» на немецкий язык,
выполненный выдающимся ученым и литературоведом -переводчиком К.Райхлом В ней
отражены его глубокие переживания, связанные с переводом этого знаменитого произведения
почитаемого в тюркоязыячных народах. Все изложенные в статье мысли воспоминания
основаны на трудах А.Курбанбаева и С.Бахадырова.
Ключевые слова: түрк тиллес, руўхый мийрасы, үрип-әдетлери, бақсы, жыраў, аўызеки,
мәдений мүлк, өзине тән өзгешелик, турмыс тәризи, қаҳарманлық, дослық, түп нусхасы, проза,
поэззия, портрет, күшли талант ҳәм зейин.
Abs ac . This a icle desc ibes he ansla ion o he epic poem "Alpamys" in o Ge man and
he alen o schola , li e a y schola , and ansla o K. Reichl. All o his expe iences du ing he
ansla ion o his g ea epic, well-known among Tu kish-speaking peoples, a e ci ed in he a icle and
a e aken om he memoi s o A. Ku banbae and S. Bakhady o а.
Keywo ds: түрк тиллес, руўхый мийрасы, үрип-әдетлери, бақсы, жыраў, аўызеки,
мәдений мүлк, өзине тән өзгешелик, турмыс тәризи, қаҳарманлық, дослық, түп нусхасы, проза,
поэззия, портрет, күшли талант ҳәм зейин.
Anno a siya. Anno a siya: Ushbu maqolada “Alpomis” dos onining nemis iliga a jimasi a
olim, adabiyo shunos, a jimon K. Rayxl is e’dodi bayon e ilgan. Maqolada u kiyzabon xalqla
o asida mashhu bo‘lgan bu buyuk dos onni a jima qilish ja ayonida boshidan kechi ganla ning
ba chasi A. Qu bonboye a S. Bahodi o la ning xo i a a maqolala idan olindi.
Kali so‘zla : түрк тиллес, руўхый мийрасы, үрип-әдетлери, бақсы, жыраў, аўызеки,
мәдений мүлк, өзине тән өзгешелик, турмыс тәризи, қаҳарманлық, дослық, түп нусхасы, проза,
поэззия, портрет, күшли талант ҳәм зейин.
«Алпамыс» дәстаны түрк тиллес халықлары арасында, әсиресе өзбек,
қарақалпақ, қазақ, қырғыз ҳ.т.б. кең тарқалған болып, олардың руўхый мийрасы
есапланып усы халықлардың мәдениятын, әдебиятын байытыўда үлкен роль
атқарып киятырғанлығы ҳәммеге, соның ишинде бизиң оқыўшымызға да аян.
Дәстанда халқымыздың арзыў-әрманлары, үрип-әдетлери, ой-пикирлери өз
сәўлесин тапқан. Сонлықтан-да дәстан бир неше әсирлер даўамында халқымыз
арасында бақсы ҳәм жыраўлар тәрепинен аўызеки атқарылып, сүйип тыңланып
киятыр, буннан соң да даўам ете береди, әўләдтан-әўладқа аўызеки ҳәм жазба
формада өте береди, келешек әўладтың да руўхый байлығы болып қала береди.
Соңғы ўақытлары, әсиресе Өзбекистанымыз өзиниң ғәрезсизлигине
ерискеннен кейин дәстан өз өрисин оғада кеңейтип атыр, ол бир миллет, елат
шегарасынан асып өтип бир неше онлаған елатларға, халықларға жетип барды.
64
Бүгинги күнге келип профессор К.Райхлдың көп жыллық илимий дөретиўшилик
мийнетиниң жемиси нәтийжесин Европа халқы, анығырақ айтатуғын болсақ
немис тилинде сөйлейтуғын ямаса оқый алатуғын халық оқыўшылары өз ана
тилинде оқыў мүмкиншилигине ийе болып атыр. Енди «Алпамыс» олардың да
руўхый азығына, мәдений мүлкине айланып атыр.
Әлбетте, Карл Райхл буған аңсатлық пенен ериспеди, бирнеше жыллар
даўамында отырса да, турса да, қайсы мәмлекетке сапар етсе де «Алпамыс» оның
«жолдасы» болды (Ол бул дәстанды аўдарма жасаўда 18 жылдан артық мийнет
еткен). Өзбекстанға келген сайын оны атқаратуғын бақсы, жыраўларды таўып
оларды айттырып тыңлайтуғын еди, алдынғы жыллары магнитофонға, соңғы
жыллары видеокамераға жазып алатуғын болды, дәстаншы илимпазлар менен
жақын қатнасықта болды. Китапханаларда саатлап емес, күни менен айырым
ўақытлары айлап отырды. «Алпамыс»тың бирнеше вариантларын, түрли
тиллердегилерин, рус тилиндеги аўдармаларын түп нусқасы менен салыстырып
үйренди. «Алпамыс»тың туўылған, сондай-ақ ўақыялардың болып өткен
жерлерин барып көрди, «Алпамыс» тың «әўладлары» менен сөйлести.
«Алпамыс»ты аўдарыў ушын «Алпамыс»тай батыр, «Алпамыс»тай қорқпас мәрт,
қаҳарман, соныңдай билим, илим ийеси болыўы, Алла-таала тәрепинен инам
етилген талантқа, күш-қуўатқа ийе болыў кереклигин түсинип жетти ҳәм олардың
ҳәммесин өзинде жәмлестирди.
Дәстанды басқа тилге, әсиресе немис тилине аўдарыўдың қыйыншылығы
ҳәр қандай оқыўшыға да анық. Өйткени дәстанның тили менен аўдарылатуғын
тиллердиң арасында үлкен парық бар, олардың ҳәр қайсысы өзине тән
өзгешеликке ийе.
Келип шығыўлары бойынша да, грамматикалық қурылыслары бойынша да
олар түрли-түрли тил топарларына киреди. Оларда сөйлесетуғын халықлардың
үрип-әдетлери де, турмыс тәризи де, жасаў орынлары да бир-биринен алыс.
Усыларды есапқа алған илимпаз оған үлкен жуўапкершилик пенен киристи,
дәстанда сүўретленген қаҳарманлық ҳәм де дослық идеяларының немис
оқыўшыларына жетип барыўын тәмийнлей алған. Карл Райхлдың алдына қойған
мақсети өзбек оқыўшысы китапты оқып қалай ләззет алса, немис оқыўшысы да
сондай рәҳәтленип оқыўы керек. Сөз басында жазылғанындай аўдарманы илажы
барынша түп нусхасына жақынластырыў, өзиндей етиўге ҳәрекет етиў, миллий
колоритти, миллий өзгешеликти немислерге жеткериўди өз алдына ўазыйпа етип
қойды. Әдебиятшы алым, профессор Карл Райхл алдына қойған ўазыйпасын
табыслы атқарып, мақсетине еристи.
65
«Алпамыс» дәстаны да басқа дәстанларға қусап қара сөз (проза) ҳәм қосық
қатарларында (поэзия) жазылған. Аўдармашы оның идеясын толық сақлап,
қандай көринисте баян етилген болса тап сондай етип берген.
Карл Райхлдың аўдармасы жүдә тәбийий, әпиўайы, қатарлар рәўан,
тәсиршеңлиги толық сақланған, қысқасын айтқанда, түп нусқа мазмуны
аўдармада өз сәўлесин тапқан. Түп нусқаны оқысаңыз да, аўдарманы оқысаңыз
да, екеўинде де персонажлардың жүрис-турысы, ҳәтти-ҳәрекети, қылықлары,
форма-сүлдери, улыўма айтқанда портрети көз алдыңызда бирдей көринисте
пайда болады.
Дәстанның тексти-сөз көркемлилигиниң, сөз шеберлилигиниң үлгиси, бул
анық қубылыс. Бирақ та бақсы-жыраўды өз көзи менен көрип турып тыңлаў, оның
атқарылыўына нәзер салып, байқап барыў басқа, тек сөзи қалған дәстанды оқыў
басқа. Бақсыны тыңлаған адам алған заўық пенен китапты өзи оқыған адам алған
заўықты теңлестирип болмайды, әлбетте. Дәстанның бундай еки түрли жағдайын
бирдей, деп жуўмақ шығарып болмайды. Әдебиятшы, илимпаз Карл Райхл
булардың екеўинен де тек «татып» емес, «тойып-тойып жеген» рәҳәтленген.
Бақсыларды тыңлағанлығы, олардың талантына тән бергенлиги, олардан алған
тәсири туўралы өзиниң илимий мийнетлеринде көп жазған, түрли еллердиң
жоқары оқыў орынларында өзи оқыйтуғын арнаўлы курсларда лекциялар оқыған,
бир ўақыттың өзин де тыңлаўшыларға дәстанның атқарылыўын
видеомагнитофоннан әмелде көрсетип турған.
Аўдарманың артықмашылығы да сонда, оны қолына алған немис
оқыўшысы ериксиз түрде халық шайырының дәстаны менен танысып
атырғанлығын сезеди, текст артында күшли талант ҳәм зейинге ийе болған, үлкен
сөз шебери атқарыўшы-дөретиўши барлығына үлкен исеним менен қарайды.
Пайданаланылған әдебиятлар:
1. Reichl K. Alpomisch. Das usbekische Heldenepos. –Wiesbaden. Ve lag O o Ha asso i z. 2001.
2. Бахадырова C. Қарақалпақ дәстанларын дүньяға танытты. Газета «Еркин Қарақалпақстан».
29-май 2003 ж.
3. Қурбанбаев A. Германиялы алым- қарақалпақ фольклорын изертлеўши (илимий очерк).
Газета «Еркин Қарақалпақстан». 20-сентябрь 2001-ж.
4. Қурбанбаев A. Бизин Карл. «Еркин Қарақалпақстан» газетасы, 2-октябрь 1993-ж.
5. Курбанбаев А. У нас в гостях. “Нөкис университети” газетасы. 2.12.1983