scieee Science in your language
[en] (orig)

ҚАРАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТЫНДА КӨРКЕМ АЎДАРМАНЫҢ ҚӘЛИПЛЕСИЎИ (XX ӘСИРДИҢ 20-40-ЖЫЛЛАРЫ)

Author: Турсынмуратов Ш.М
Publisher: Zenodo
DOI: 10.5281/zenodo.17715363
Source: https://zenodo.org/records/17715363/files/136-140.pdf
136
ҚАРАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТЫНДА КӨРКЕМ АЎДАРМАНЫҢ
ҚӘЛИПЛЕСИЎИ
(XX ӘСИРДИҢ 20-40-ЖЫЛЛАРЫ)
Турсынмуратов Ш.М.,
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
DOI: h ps://doi.o g/10.5281/zenodo.17715363
Аннотация. Мақала қарақалпақ әдебиятында көркем аўдарма тарийхына, атап айтқанда,
20-40-жылларда аўдармашылықтың қәлиплесиўине бағышланған. Бул дәўирде рус ҳәм жахан
әдебиятының шығармалары қарақалпақ тилине, ал қарақалпақ әдебиятының шығармалары, рус
тилине аўдармаланып, бир-бириниң мәдений байыўына хызмет етти. XX әсирдиң 20-жылларының
басы қарақалпақ әдебиятында көркем аўдарманың жедел раўажланыўы менен белгили. Соннан
берли аўдарма иси үлкен мәдений әҳмийетке ийе. Бул аўдармалардың тийкарғы ўазыйпасы
қарақалпақ китапқумарларын дүнья әдебиятының ең сайланды үлгилери менен таныстырыўдан
ибарат еди.
Таяныш сөзлер: жахан әдебиятлардың өз ара тәсири, көркем аўдарма, көп санлы
аўдармалар, аўдарма теориясы ҳәм практикасы.
Қарақалпақ әдебиятында XX әсир көркем аўдарманың рауажланыуы менен
характерленеди. Аўдармалар арқалы рус ҳәм жәҳән әдебиятының ең жақсы
образлары қарақалпақ әдебиятына кирип келди. Бул дәўирдеги аўдарма ислери
миллий әҳмийетке ийе болган мәдений факторлар есапланады. Совет Аўқамында
аўдарма искусствосының раўажланыўы ҳәм буннан кейинги ерисилген табыслар
қарақалпақ әдебиятының раўажланыўына унамлы тәсирин тийгизди. Рус ҳәм жәҳән
әдебияты шығармаларының аўдармалары пайда болды, соның менен бирге
аўдармашылык шеберлиги жетилисип бармақта, деген менен көркем аўдарма
теориясы ҳәм әмелияты мәселелери еле басланғыш ҳалында еди. Аўдарма сапасына
түп нусқа тилин төмен билиў, аўдарма шеберлиги усыллары ҳәм көнликпелерине
жетерли ийе болмау, аўдарма мектебиниң жоқлығы, көркем аўдарма теориясы ҳәм
әмелиятын билмеў оз тәсирин тийгизди. Соған қарамастан, усы дәўирдиң ақырына
келип белгили дәрежеде тәжирийбе топланды ҳәм бул дәўирдеги аўдарма
әмелиятының жетискенликлери менен қәте-кемшиликлери ҳаққында илимий пикир
жүргизиўди талап етти. Бул ҳаққында көрнекли қарақалпақ әдебиятшысы
К.Курамбаев былай деп жазады: "Аўдарма әдебияты ҳаққындағы ҳәр бир баспада
аўдарманың жетискенликлери менен кемшиликлери ашып берилиўи, илимий-
теориялық улыўмаластырыўлар жүргизилиўи керек" [1: 211].
Улыўма алғанда, бул дәўирдеги көркем аўдарманы унамлы баҳалаған ҳалда
аўдармалардың улыўма дәрежеси адеуир сайыз болғанын тән алыў керек. Бул
көркем аўдарманың раўажланыў дәўирде қарақалпақ аўдармашылары қарақалпақ
көркем әдебият ықласбентлери арасында рус ҳәм жәҳән әдебиятының ең жақсы
137
үлгилерин үгит-нәсиятлаўды өз ўазыйпасы деп билди, хәм аўдармалар арқалы
қарақалпақ әдебиятшылары көркемлеў усылларын раўажландырған, шеберлигин
асырган тәжирийбе арттырған. Бул дәўирдеги аударма мийнетлерин биз әдебий
процесстиң улыўма раўажланыўы жағдайында көрип шығыўымыз керек.
XX әсирдеги жаңа заманагөй қарақалпақ әдебияты рус ҳәм жәҳән
әдебиятының ең жақсы традициялары тийкарында раўажланды. Әсиресе, көркем
әдебиятларды аўдармалау үлкен әҳмийетке ийе болды. Ҳәзирги қарақалпақ
әдебиятында көркем аўдарма әдебий искерликтиң айрықша түри сыпатында 30 - 40-
жылларда пайда болып, тез арада миллий әдебияттың бир бөлегине айланды.
Әдебий байланыслардың раўажланыўының тийкарлары ҳаққында сөз еткенде XX
әсирдиң 20 - 40-жылларындағы тарийхый ўақыялардың әҳмиетли рольин айрықша
атап өтиў керек. 1930-жыллардың орталарында рус оқыў орынларына Орта Азия
республикаларынан жаслардың барып окыун кескин күшейди, бул болса миллий
зиялылардың қәлиплесиў процесин тезлестирди.
Қәбилетли өзбек жаслары менен бир қатарда қарақалпақстанлы жаслар
Россияның үлкен қалаларында билим алып, рус, сондай-ақ мәденияты
хәм әдебияты бойынша илим-билим алып, елинде олардн тажрийбелеринен
пайдаланды ҳәм ағартыўшылықпенен, билимлендириў жумыслары
мененшугилланды. Жас әўладтың излениуй натийжесинде халық турмысының
барлық тараўларында, соның ишинде жас қарақалпақ әдебиятының рус ҳәм жәҳән
әдебияты дәстүрлеринде раўажланыўында да үлкен өзгерислер жүз берди.
М.Нурмухаммедовтың "Миллий әдебиятлардың қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўында
рус әдебиятының орны ҳәр қыйлы. Бул Максим Горкийдиң шөлкемлестириўшилик
ролинде (жазыўшылар шөлкемин дүзиў, рус жазыўшыларының бригадаларын
республикаларға жибериў ҳәм тағы басқалар), миллий әдебияттын жаңа
жанрларының пайда болыўында (мысалы, қарақалпақ әдебиятында проза,
драматургия), өз ара аўдармаларда, китап басыўда, дөретиўшилик жыйналысларда,
жазыўшылардың жеке байланысларында ҳәм т.б." [2: 17].
"Мийнеткеш қарақалпақ" газетасынан: "Қарақалпақстан ушын кадрлар
таярлаўда Москва, Ленинград, Ташкент, Алматы ҳәм басқа да қалалардағы оқыў
орынларының роли үлкен. Тек төрт жил ишинде 1926 - 1930-жиллардан баслап
мәмлекеттиң түрли қалаларындағы оқыў орынларында 580 адам билим алды" [3:17].
1931-жылы "Мийнеткеш қарақалпақ" газетасында жас әдебиятшылар..."бизиң бас
ўазыйпамыз - рус әдебиятын үйрениў" деген уран менен шықты [4]. Аўдарма
әдебиятын раўажландырыў бойынша жумыслар алып барылды. Онда С. Мәжитов,
Қ. Әуезов, Қ. Айымбетов, Ж. Аймурзаев ҳәм басқа да көплеген белгили
ғайраткерлер белсене қатнасты. Әдебияттаныўшы А.Жаксыбаевтың айтыўынша,
138
"Қарақалпақ әдебиятында көркем аўдарма 30-жылларда системалы түрде
раўажланды" [5:13]. Дәслепки қарақалпақ әдебиятшыларының қызығыўшылығын
қоллап-қуўатлаў ушын Наволистиң: "Аўдарма менен гөззаллыққа ҳәм миллий
әдебиятқа болған шын муҳаббат себепли шуғылланады." [6: 13], - деген сөзлерин
келтириў мүмкин.
Ҳәзирги қарақалпақ әдебияты А.С.Пушкин, М.Ю.Лермонтов, И.С.Крылов,
Н.Гоголь, Л.Н.Толстой, М.Горкий, В.В.Маяковский сыяқлы рус классиклериниң
шығармалары тәсиринде қәлиплести. Бул қубылысты академик М.Нурмухаммедов
былай сыпатлайды: "Ҳәзирги басқышта әдебиятлардың өз ара байланисы нәзиклеў,
тереңирек, ҳәм қурамалырақ процесске айланды, көзге бирден тасланбайды, сыртта
жатпайды. Ҳәзирги ўақытта ҳәтте жазыўшының өзи де қандай да бир үлкен сөз
шебериниң тәсирин басынан кеширгенин сезбей қалыўы мүмкин" [7: 21].
Қарақалпақ әдебиятының раўажланыўын ҳәм жетилисиўин рус әдебияты
шығармаларын қарақалпақ тилине аўдармаластан көз алдымызға келтире алмаймыз.
Қарақалпақ әдебиятының аўдармалар арқалы байыўы ҳәм тәсири нәтийжесинде XX
әсирдиң биринши ярымында миллий әдебиятта раўажланбаған гүрриң, очерк,
повесть, роман, драма сыяқлы жанрлар пайда болды. Жаңа қарақалпақ миллий
мәденияты ҳәм раўажланыўында рус тили ҳәм әдебиятының орнын айрықша
баҳалаў қыйын.
Жаңа тарийхый шараятта қарақалпақ әдебияты раўажланыўын жеделлиги
менен характерленеди. Усы процесс факторларының бири сыпатында қарақалпақ
әдебиятының туўысқан халықлар әдебиятлары менен өз ара байланыслары
жеделлеспекте. Бул бағдарда аўдарма әдебиятының әҳмиети кескин артты. Атап
айтқанда, Пушкин, Крылов, Толстой, Горкий, Чехов ҳәм басқалардың
шығармаларынан, дәўирде усы жазыўшылардың дөретиўшилиги қарақалпақ
оқыўшысының улыўма мәдений, көркем әдебий өзлигине көбирек сәйкес
келетуғынлығына көмеклесиў керек. Бундай позиция бәринен бурын өз ара әдебий
байланыслар практикасынан, көркем-ағартыўшылық талап ҳәм мәдений-
ағартыўшылық талаплардан келип шыққан. Бундай процессти америкалы аўдарма
теориясы илимпазы Лоренц Венути "жазыўшы оқыўшыға қарсы жүретуғын"
аўдарманы өзлестириўши ямаса қолға үйретиўши аўдарма деп атап, усылайынша
тәриплеген еди..." [8: 20].
20 - 30-жыллардағы қарақалпақ аўдарма әдебиятында киши формалы
шығармалар - тымсаллар, ертеклер, кишкене гүрриңлер, қосықлар биринши орынды
ийелейди, себеби революциядан бурынғы қарақалпақ әдебияты тийкарынан аўызеки
халық дөретиўшилиги формасында раўажланды. А.С.Пушкинниң поэзиялық
дөретиўшилигин дәслепки аўдармалаушилар тәрепинен абзал көрилгениниң сыры
139
да усында болса керек. Пушкин прозасы форма ҳәм мазмун жағынан оларға жақын
еди. Тилекке қарсы, шайырдың 90-жыллардағы көплеген аўдармалары газета
бетлеринде қалып кеткен, газеталар болса бүгинги күнге шекем сақланбаған. Көп
муғдардағы аўдарма материалы изертлеў ушын қайтып келмейтуғын дәрежеде
жоғалтылған.
А.С.Пушкинниң қарақалпақ тилинде биринши қосық ҳәм поэмалар топламы
1949-жылы ғана басып шығарылды. Бул жағынан Пушкин прозасы аўдармаларының
тәғдири жүдә сәтли болып шықты. Олардың айырымлары өз алдына китап болып
шықты, мәселен, 1936-жылы "Станция қараўылы" (М.Қәлменов), "Капитан қызы"
(Н.Дәўқараев), 1937-жылы "Дубровский" (М.Қәлменов) повестьлери аўдармаланды.
Улыўма алғанда, 30 - 40-жыллардағы көркем аўдарманы унамлы баҳалағанда,
аўдармалардың улыўма дәрежеси талапқа сайкес келмегенин тән алыў керек. Жаңа
оқыўшыларды рус ҳәм жәҳән әдебиятының бийбаҳа әдебий мийрасынан хабардар
етиў ушын "ҳәр бир, ҳәттеки әпиўайы аўдармашы да өз шеберлигин жетилистириўи
ушын аўдармашыны әпиўайы ҳәм анық принциплер менен қуралландыратуғын
көркем аўдарма теориясы зәрүр еди" [9].
Отызыншы жыллардың ақырына келип М.//Ю.//Лермонтовтың "Заманымыз
қаҳарманы" романы (1939-жыл, 1940 ҳәм 1952-жыллары қайта басылған), Н.
Гоголдың "Шинел," "Иван Иванович Иван Никифорович пенен қалай урысты," М.
Горкийдиң "Лашын ҳаққында қосық," "Буревестник ҳаққында қосық," "Мениң
университетлерим," "Шелкаш," А. Фадеевтиң "Шабада," А. Гайдардың "Төртинши
блиндаж," А. Толстойдың "Ҳайўанлар ҳаққында гүрриңлер," Салтыков-Щедрин
ертеклери, В. Маяковский, А. Блок ҳәм тағы басқалардың қосықлары аўдармаланды.
Жетпис беске шамалас шығарма аўдарылған.
30-жыллардағы қарақалпақ аўдармашылары адекват емесликке умтылды.
Еркин аўдармада болса - текстти дөретиўшилик жақтан қайта ислеў ҳәм миллй
реалияларға бейимлестириў процеси. Дәслепки аўдармашылар ушын тийкарғы
критериялар әдебияттаныў ҳәм лингвистикалық өзгешеликлерди сақлаў емес, ал түп
нусқаның сюжет линиясын жеткериў еди. Г. Гачечиладзе дурыс атап өткениндей:
"Көркем аўдарма шетки принциплер арасында теңселип турады: сөзбе-сөз анық,
бирақ көркемлик жақтан оригиналдан узақ, еркин аўдарма" [10: 91].
Солай етип, аўдармашылар еркин аўдарма принципинен пайдаланған ҳәм
белгили бир мәнисте қарақалпақ әдебиятын байытқан. Бул аўдармалар әдебияттың
буннан былай да раўажланыўына үлкен тәсир көрсетти, қарақалпақлардың руўхый
турмысын байытыўға хызмет етти. Дәслепки аўдармашылардың мийнетлери
қарақалпақ әдебий тилиниң жаңа жағдайда раўажланыўына хызмет етти.
140
Әдебиятлар дизими
1. Курамбаев Қ. Әдебиятлардың өз ара байыўы. Нөкис. "Билим," 1993, 211-б.
2. Нурмуҳаммедов М. Халқлар тақдири – маданиятлар тақдири. Ташкент. 1982, 17 бет.
3. "Мийнеткеш қарақалпақ" газетасы. 1931-жил 16-июнь.
4. Жақсыбаев А. Көркем аўдарма мәселелери. Нөкис,1967, 13-бет.
5. Новалис.
6. Нурмуҳаммедов М. Халқлар тақдири - маданиятлар тақдири. Ташкент. 1982. 21-бет.
7. Venu i L. The T anslo o 's Ln isibili y. A His o y o ansla ion. London; NY: Rou ledge, 1995. P. 20.
8. Чуковский К. Высокое искусство. Москва, «Совет жазыўшысы,» 1988.
9. Гачичиладзе Г. Бадиий таржима ва адабий алоқалар. Москва, «Совецкий писател» 1972, стр.
91.